Кеңес Орайлық банктиң коллегиал уйымы болып, Ислам банкинг хызметлерин
көрсетиўши банклер, Ислам қаржыландырыў хызметлерин көрсетиўши микроқаржы
шөлкемлери, Қәўипсиз депозитлер агентлиги, сондай-ақ, Орайлық банктиң
қадағалаўы астындағы басқа да шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылатуғын Ислам
финанслық жумысын муўапықластырыў ушын жуўапкер есапланады.
Кеңес қурамына 5 ағза, соның ишинде, ислам ҳуқықы тараўы қәнигелери ҳәм
техникалық экспертлер киреди.
Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:
халықаралық талаплар ҳәм миллий әмелияттың өзине тән өзгешеликлерин
есапқа алған ҳалда ислам қаржылары тараўында стандартлар жойбарларын ислеп
шығыў;
банклер ҳәм
микроқаржы шөлкемлери ушын ислам қаржыландырыўы мәселелери бойынша усыныслар
ҳәм түсиниклер таярлаў, сондай-ақ, базар қатнасыўшылары менен турақлы
мәсләҳәтлесиўлер өткериў;
AAOIFI (Ислам
финанс мәкемелериниң бухгалтериялық есабы ҳәм аудити бойынша шөлкем)
мәжилислеринде Орайлық банктиң атынан қатнасыў, сондай-ақ, усы шөлкем тәрепинен
ислеп шығылып атырған ҳүжжетлер жойбарлары бойынша пикир-усыныслар бериў;
Орайлық банкке
ислам қаржылары тараўындағы жумысты тәртипке салыў ҳәм қадағалаў мәселелери
бойынша экспертлик жуўмақлар ҳәм усыныслар бериў;
усы бағдарды
тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаўда
қатнасыў;
Ислам қаржылары
тараўында пайда болып атырған машқалалы мәселелерди көрип шығыў ҳәм машқалалы
жағдайлар бойынша түсиниклер таярлаў.
Сондай-ақ, Кеңес
мәмлекетте ислам қаржыландырыўын раўажландырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый
базаны жетилистириўге жәрдемлеседи.
Кеңес ҳәр жылы өз
жумысының нәтийжелери ҳаққында Орайлық банк Басқармасына есап берип барады.