Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятлары ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 28-33°, айырым жерлерде жаўын жаўғанда 25-27° болады.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтымызда қысқа мүддетли
жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, айырым
жерлерде шаң-тозаң менен 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның
температурасы 26-28°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа ўақытлы жаўын жаўып,
гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с,
гүлдирмама ўақтында 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.