Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана азанда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятының айрым аймақларында ҳәм күнниң екинши ярымында Наўайы ўәлаятының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 33-38°, қублада ҳәм шөл аймақларында 42-44° қа шекем жыллы болады.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын
болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с. Ҳаўаның температурасы 36-38°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа ўақытлы жаўын жаўып,
гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.