"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын
болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 12-15 м/с қа шекем күшейиўи, айырым
жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 33-35°.
Таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы
мүмкин. Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы
аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12 м/с,
айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.