Бул районлық медицина бирлеспесинде 136 орынға ийе емлеўхана, 1 көп тармақлы ҳәм 4 шаңарақлық поликлиника, 4 шаңарақлық шыпакерлик пункти, сондай-ақ, 10 медициналық пункт халыққа хызмет көрсетип келеди.
Ашығын айтсақ, алдын аўыллық ҳәм шетки аймақларда медициналық хызмет сапасы улыўма қанаатландырарсыз еди. Әсиресе, заманагөй диагностика аппаратлары, тәжирийбели шыпакерлер ҳәм тез медициналық жәрдем хызмети менен байланыслы машқалалар көпшиликти қыйнап келди. Мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде мине усы машқалалар басқышпа-басқыш шешиле баслады.
Қанлыкөл районында да медицина мәкемелери реконструкцияланып, материаллық-техникалық базасы беккемленип барылды. Районлық орайлық емлеўхана, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм медициналық пунктлер оңланып, халық ушын заманагөй ҳәм қолайлы шараят жаратылды. Қабыллаў бөлимлери, палаталар ҳәм лабораториялар жаңаланды.
- Атап айтқанда, 2021-жылы жергиликли бюджет есабынан бирлеспе емлеў бөлимлери, Жайхун шаңарақлық шыпакерлик пункти оңланып шығылды. 2022-жылы бирлеспениң жуқпалы кеселликлер ҳәм тез жәрдем бөлимлери, Бескөпир, Қуламет жыраў, Қанлыкөл шаңарақлық шыпакерлик пунктлери де кең көлемде оңланды. 2023-жылы болса районлық медицина бирлеспеси имараты ҳәм 8 медициналық пунктте әне усындай оңлаў-тиклеў жумыслары орынланды, - дейди районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Дариха Бекбергенова. - Кейинги жылы "Басламалы бюджет" бағдарламасы тийкарында "Сары алтын" АПЖ аймағында тез жәрдем шақапшасының жаңа имараты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. 2025-жылы болса бирлеспе жанында Айрықша жағдайлар бөлими жаңа имараты қурылды. Сондай-ақ, ишки дәрихана ҳәм лаборатория бөлимлери де оңланған. 2026-жылы халықаралық шөлкемлердиң грант қаржылары тийкарында балалар дем алыў ҳәм физиотерапия ханасы шөлкемлестирилди.
Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 25-апрельдеги "Бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемди халыққа жақынластырыў ҳәм медициналық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары тийкарында Бескөпир ҳәм Қуламет жыраў шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, 2024-жылы болса Қанлыкөл шаңарақлық шыпакерлик пункти жаңадан ашылды.
Бүгин мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында районлық медицина бирлеспеси жаңа заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. 2021-жылдан баслап заманагөй диагностика хызметлери районның өзинде де көрсетиле баслады.
Медицинадағы санластырыў
Медицинадағы санластырыўдан тийкарғы мақсет халыққа тез, сапалы ҳәм қолайлы медициналық хызмет көрсетиў, шыпакерлердиң жумысын жеңиллетиў ҳәм медициналық мағлыўматларды электрон түрде сақлаўдан ибарат. Қанлыкөл районы медицина бирлеспесинде толық локал тармақлар тартылып, 2024-жыл августтан баслап DMED электрон платформасы иске қосылған.
- Бурын пуқараларды қабыл етиў, медициналық карталарды толтырыў ҳәм мағлыўматнамалар бериў тәртиби тийкарынан қағаз түринде жүргизилетуғын еди. Бул болса көп ўақыт алыў менен бирге қәтеликлерге, айырым ҳүжжетлердиң жоғалыўына себеп болған. Ҳәзир электрон дизимге алыў, онлайн нәўбет, электрон медицина картасы, электрон рецепт, санлы есабат системалары енгизилди. Бул системалар арқалы наўқас ҳаққындағы мағлыўматлар компьютер базасында сақланады. Шыпакерлеримиз наўқастың алдынғы диагнозлары, анализ нәтийжелери ҳәм емлеў тарийхын тез көре алады, - дейди медицина бирлеспесиниң инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлиминиң қәнигеси Қодир Нурманов. - Сондай-ақ, санластырыўдың ең қолайлы тәреплеринен бири - онлайн нәўбет системасы болды. Бул узын нәўбетлерди азайтыў, халықтың ўақтын үнемлеп, медицина мәкемелериндеги тәртипти жақсылаўға хызмет етти.
Санластырыўды жеделлестириў мақсетинде 2025-жылдың өзинде бирлеспе көплеген компьютер, планшет, телевизор, роутер, инфокиоск, ҳәр қыйлы имканиятқа ийе принтер сыяқлылар менен тәмийинленген. Бул процесс келеси жылларда да даўам еттириледи. Соның ишинде, барлық медицина мәкемелерин бирден-бир электрон системаға жалғаў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў, мобил медицина қосымшаларын көбейтиў ҳәм пуқаралар ушын онлайн хызметлерди раўажландырыў мақсет етилген.
Кадрлар орнында болса...
Медицинада кадрлар мәселеси күн тәртибинен шықпайды. Маман шыпакер ҳәм орта медицина хызметкерлерисиз халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў мүмкин емес екенлиги бизге белгили. Сонлықтан, кадрлар таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм жумыс шараятын жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
- Бирлеспемизде 866 хызметкер ислейди. Олар жоқары, биринши ҳәм екинши категориялы шыпакерлер, орта буўын медицина хызметкерлери, жоқары категориялы, биринши ҳәм екинши категориялы киши медицина хызметкерлеринен ибарат. Алдынғы жыллары районымызда айырым қәнигеликтеги шыпакерлердиң жетиспеўшилиги, тәжирийбели қәнигелерди бир жерде сақлап қалыў сыяқлы машқалалар бар еди. Оларды шешиўде соңғы бес жылда бир қатар илажлар көрилди, - дейди Қанлыкөл районы медицина бирлеспесиниң шөлкемлестириўшилик-методикалық бөлиминиң баслығы Генжегүл Заретдинова. - Атап айтқанда, медицина институтының 6-курс питкериўшилери, клиникалық ординаторлар ҳәм магистрлер толық ставкада жумысқа жайластырылды. Турақлы түрде тәжирийбе арттырыў курслары, семинарлар, әмелий тренинглер, онлайн сабақлар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, көплеген медицина хызметкерлери Нөкис қаласындағы медициналық орайлар, республикалық қәнигелестирилген клиникалар, тәжирийбе арттырыў институтларында тәжирийбе арттырып келмекте. Ашығын айтсам, бурын районымызда кардиолог, эндокринолог, невролог, реаниматолог, педиатр сыяқлы қәнигелер жетиспейтуғын еди. Енди бундай қәнигелерди таярлаў ҳәм районға тартыў нәтийжесинде халыққа көрсетилип атырған медициналық хызмет түрлери кеңейди. Көплеген медициналық хызметлер районның өзинде көрсетилмекте.
Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 19-сентябрьдеги "Бирлемши медициналық-санитариялық мәкемелерде жумыс алып барып атырған шыпакерлердиң айлық мийнет ҳақысына қосымша ҳәр айлық үстеме төленетуғын алыс ҳәм шетки аймақлар дизимин тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары тийкарында бирлеспеде алыс аймаққа киргизилген Жайхун мәҳәллесиндеги шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм "Сары алтын" АПЖ аймағындағы 16-шаңарақлық поликлиникада ислеп атырған 7 шыпакерге айлық үстеме төлеп келинбекте.
Президентимиздиң 2024-жыл 5-сентябрьдеги "Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарары менен мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлер системасын енгизиў, медициналық қамсызландырыў арқалы халыққа финанслық жеңиллик жаратыў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жаңа механизмлер бирлеспеде басқышпа-басқыш жолға қойылмақта.
Халық арасында профилактика
Кеселликлерди ерте басқышта анықлаў мақсетинде 18 жасқа шекемги балалар ҳәм жаслар арасында тереңлестирилген медициналық тексериў өткерилмекте. 40 ҳәм оннан үлкен жастағы халық арасында түрли кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде скрининг тексериўлери реже тийкарында өткерилмекте. Анықланған кеселликлер бойынша наўқаслар район, ўәлаят, республика дәрежесинде амбулатор ҳәм стационар шараятларда емленбекте.
Бирлеспедеги 136 орынлық стационарда өткен жылы дерлик 5000 наўқас емленип, саламатлығын тикледи. Бул көрсеткиш медицина мәкемесинде халыққа медициналық хызмет көрсетиў көлеми кеңейип, емлеў сапасы барған сайын жақсыланып атырғанын көрсетеди.
Емленип шыққанлардың 363 ине хирургиялық операция өткерилди. Атап айтқанда, 67 наўқаста жоқары технологиялық операциялар орынланғаны медицина тараўындағы әҳмийетли жетискенликлерден болды. Себеби бундай операциялар заманагөй медициналық үскенелер, жоқары маманлықтағы қәнигелер ҳәм алдынғы технологияларды талап етеди. Бурын бундай қурамалы операцияларды тек ғана республикалық қәнигелестирилген орайларда орынлаў мүмкин еди. Ҳәзир жергиликли шараятта да бундай имканият бар. Сондай-ақ, "Мастер класс" бағдарламасы тийкарында республикалық дәрежедеги маман қәнигелердиң қатнасыўында 26 пуқарада қурамалы операция табыслы өткерилди. Бул тек ғана наўқаслардың саламатлығын тиклеў емес, ал жергиликли шыпакерлердиң маманлығы ҳәм тәжирийбесин арттырыў, жаңа хирургиялық усылларды үйрениўде де пайдалы болады.
Қанлыкөл районы медицина бирлеспесинде профилактикалық медицинаға айрықша итибар қаратылып, халық арасында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм алдын алыў ҳәрекети күшейди. Әсиресе, жүрек-қан тамыр, қантлы диабет, онкологиялық ҳәм жуқпалы кеселликлер бойынша скрининг тексериўлери турақлы шөлкемлестирилген. Нәтийжеде көплеген кеселликлер дәслепки басқышта анықланып, өз ўақтында емлеў имканияты жаратылды.
Ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў бағдарында да салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳәмиледар ҳаялларды турақлы медициналық тексериўден өткериў, туўыў хызметлериниң сапасын жақсылаў, нәрестелер ҳәм балаларды профилактикалық шаншыў арқалы унамлы нәтийжелерге ерисилмекте.
Мәмлекетимизде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасы басқышпа-басқыш енгизилмекте ҳәм оны 2026-жылдың ақырына шекем республика бойлап толық әмелде қолланыў режелестирилген. Қамсызландырыў шеңберинде көрсетилетуғын медициналық хызметлер ҳәм дәри қураллары ушын халықтан қосымша төлем өндирилмеўи нәзерде тутылған.
- Системаның тийкарғы абзаллығы сонда, бириншиден, сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў имканияты кеңейеди. Пуқаралар белгиленген стандартлар тийкарында медициналық хызметтен пайдаланады. Бул хызмет сапасы ҳәм қадағалаўды күшейтиўге хызмет етеди. Екиншиден, халықтың қәрежети азаяды. Кеселлик жағдайында емлениў ушын жеке қаржы жумсаў дәрежеси төменлейди. Себеби хызметлердиң бир бөлеги мәмлекетлик қамсызландырыў арқалы қапланады. Социаллық қорғаў күшейип, кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламлары сапалы медициналық хызметтен кеңирек пайдаланыў имканиятына ийе болады, - дейди районлық медицина бирлеспеси баслығының емлеў ислери бойынша орынбасары Мажид Содиқов. - Ең тийкарғысы, медицина мәкемелери арасында бәсеки жүзеге келеди. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медицина мәкемелерин системаға тартыў арқалы хызмет сапасы жақсыланады. Ашық-айдынлық ҳәм санластырыў күшейеди. "Электрон поликлиника" ҳәм "Электрон емлеўхана" сыяқлы мәлимлеме системалары енгизилип, наўқаслар ҳаққындағы мағлыўматлар электрон түрде жүргизиледи. Бул болса, өз гезегинде, ҳүжжетпазлық ҳәм коррупция қәўпин азайтыўға жәрдем береди.
Бундай унамлы өзгерислерден Қанлыкөл районында келешекте де халыққа жоқары сапалы медициналық хызмет көрсетиў ҳәм заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып қалады деп жуўмақ шығарыў мүмкин.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы