Заманагөй қалаларды басқарыўда санлы технологиялар ҳәм инновациялық шешимлерден нәтийжели пайдаланыў жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Санлы технологиялар тийкарында жолға қойылған системалар қәўип-қәтерлерди ерте анықлаў, тийисли хызметлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм пуқаралар ушын және де қәўипсиз орталық жаратыў имканиятын бермекте.
Ишки ислер министрлиги "Қәўипсиз қала" системаларын раўажландырыў орайының директоры, майор Улуғбек КУЛАНОВ пенен сәўбетимиз усы ҳаққында болды.
- "Қәўипсиз қала" концепциясы санлы басқарыў ҳәм заманагөй қәўипсизлик имканиятларының үйлесими болып есапланады, - дейди Улуғбек Куланов. - Бул санлы шешимлер, заманагөй бақлаў қураллары ҳәм мәлимлеме технологиялары тийкарында пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў және қала инфраструктурасын нәтийжели басқарыўға хызмет ететуғын комплексли система болып есапланады.
Республика аймағының бирден-бир электрон картасы, оларды өз-ара байланыстырыўшы мағлыўматларды жеткерип бериў тармағы ҳәм жуўмақлаўшы қурылмалардан қәлиплестирилген мәлимлеме-телекоммуникация инфраструктурасы "Қәўипсиз қала" бирден-бир платформасының технологиялық тийкарын қурайды. Бул платформа тийкарында интеллектуаллық видеобақлаў ҳәм басқа да қәўипсизлик системаларын бирден-бир мәлимлеме орталығына интеграциялаў және олардан келип түсип атырған мағлыўматлар тийкарында реал ўақыт режиминде мониторинг алып барыў ҳәм таллаў имканияты тәмийинленеди.
Барлық түрдеги айрықша жағдайларды жедел анықлаў ҳәм оларға жуўап бериў, ақыбетлерин жумсартыў ушын оператив илажлар көриўге жәрдем беретуғын видеоанализ шешимлеринен пайдаланатуғын программалық тәмийнат жүзеге келиўи мүмкин болған жағдайларды ерте анықлаўда қол келмекте.
Қәўипсиз қала концепциясы шеңберинде жаратылған жасалма интеллектке тийкарланған "Қалқон" мәлимлеме системасы бүгинги күнде барлық аймақлық ишки ислер басқармаларында толық иске қосылған. Ол арқалы аймақлар онлайн бақланады, криминоген жағдай реал ўақыт режиминде талланады. Күш ҳәм қураллар нәтийжели бағдарланады және исленген жынаятларды оператив ашыў имканияты кеңеймекте.
Системаның тийкарғы абзаллықларынан бири процесслердиң автоматластырылған түрде инсан факторының тиккелей араласыўысыз ислеўи болып табылады. Жасалма интеллект тийкарындағы технологиялар мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм таллаў процесслерин жеделлестирип, қәўипсизлик пенен байланыслы жағдайларға өз ўақтында мүнәсибет билдириўге, сол арқалы қәўипсизликти тәмийинлеў процесслери және де жетилистирилип, пуқаралар ушын қолайлы ҳәм тыныш орталық жаратыўға жәрдемлеседи.
Ҳәзирги ўақытта 111 мың 352 интеллектуал видеобақлаў камерасы республика бойлап бирден-бир платформаға интеграцияланған. 454 сервер қурылмасы 13 аймаққа жеткерилип, иске қосылды. 13 аймақ заманагөй сервер ҳәм мағлыўматларды қайта ислеў инфраструктурасы менен қамтып алынды. 20 министрлик ҳәм уйым және 72 ден аслам мағлыўматлар базасы "Қалқон" платформасына интеграцияланған. 2643 мектепке 3936 камера орнатылып, қәўипсизлик қадағалаўы күшейтилди.
- Жоллар, мәҳәллелер, туризм орынларында "Қәўипсиз қала" системасының әҳмийети ҳәм нәтийжеси нелерде көринбекте?
- "Қәўипсиз қала" системасының әҳмийети, бәринен бурын, қәўипсизликти реал ўақыт режиминде тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жүз берген жағдайларға тийисли шөлкемлер тәрепинен оператив мүнәсибет билдириўде көринеди.
Жолларда транспорт ағымы ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин қадағалаў, мәмлекетлик номер белгилерин анықлаў имканиятлары жаратылған. Соның менен бирге, алып қашылған транспорт қуралларын қысқа ўақыт ишинде анықлаў ҳәм ийелерине қайтарыў, қағыйдабузарлық ислеген автомобильлер ҳәрекетин бақлаў имканияты да бар. Мәселен, система арқалы урланған ямаса излеўдеги автомобиль анықланғанда, оның мәмлекетлик номер белгиси видеокамералар тәрепинен жазып алынып, тийисли хызметлерге оператив мәлимлеме жибериледи. Бул болса транспорт қуралын қысқа ўақыт ишинде анықлаў ҳәм зәрүр илажларды көриўге жәрдем береди.
Мәҳәллелерде интеллектуал видеобақлаў камералары арқалы аймақлар турақлы қадағаланып, криминоген жағдай талланады. Әсиресе, "қызыл" категориядағы мәҳәллелерде бундай технологиялардан пайдаланыў қәўипли жағдайларды ерте анықлаў ҳәм профилактикалық илажларды күшейтиў имканиятын бермекте. 665 "қызыл" категориядағы мәҳәлле үйренилип, оларда 15 мың 232 интеллектуал видеобақлаў камерасын орнатыў режелестирилген.
2019-жылдан баслап туристлер ағымы үлкен болған барлық қала ҳәм аймақлар - Бухара, Самарқанд, Хорезм, Хийўа, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятында қәўипсиз туризмди тәмийинлеў бойынша интеллектуаллық видеобақлаў системасын енгизиў жумыслары басланған. Биринши тәжирийбе жойбары Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында иске қосылды.
Ғалабалық орынларда интеллектуал видеобақлаў технологияларынан пайдаланыў туристлер ҳәм халық ушын қәўипсиз орталық жаратыўға хызмет етеди. Соның ишинде, жоғалған шахсларды анықлаў, гүманланған шахслар ямаса транспорт қуралларын табыў сыяқлы жағдайларда системаның имканиятларынан кеңнен пайдаланыў мүмкин.
Республика көлеминде ситуациялық-таллаў орайларының жумысын муўапықластырыў басқармасы тәрепинен бул көрсеткиш улыўмаластырылып, таллап барылады. "Қәўипсиз қала" орайының тийкарғы ўазыйпасы болса системаны енгизиў, раўажландырыў, техникалық қоллап-қуўатлаў ҳәм модернизациялаў болып есапланады.
- Егер барлық камералар ислеп турған болса, бирақ система қәўипти алдын ала анықлай алмаса, биз ҳақыйқатында да қәўипсиз қала қурған боламыз ба?
- Республикамызда еки-үш миллион әтирапында бақлаў камералары ислеп турыпты. Олар тарқалған ҳалда. Видеокөринислерди бақлаў, ондағы мағлыўматларды алыў ҳәм қайта ислеў ушын инсан факторы жетерли емес. Яғный сонша мағлыўматты тек ғана жынаят ямаса унамсыз жағдай жүз бергеннен кейин ғана пайдаланыў мүмкин ҳәм бул ақыбет пенен гүресиўге алып келеди.
"Қалқон" мәлимлеме системасы тийкарында ҳәзирги ўақытта сервер имканиятларын кеңейтиў илажлары көрилмекте. Жасалма интеллект жәрдеминде мағлыўматлар қайта исленип, система өзи мәлимлеме, сигнал берип турмаса, мыңлаған камераларды инсан факторында қадағалаў жүдә қыйын. Мыңлаған хызметкерлер бул жумысты әмелге асырыўға туўра келеди. Сонлықтан, бул платформаның енгизилиўи тек ғана ишки ислер емес, ал басқа да күш ислетиў структуралары, Миллий гвардия ҳәм оператив-излеў илажлары менен шуғылланыўшы мәмлекетлик уйымларға да бир қатар қосымша қолайлықлар ҳәм техникалық имканиятлар жаратпақта.
Қәўипсизлик камералардың саны менен емес, ал оның жасалма интеллект тәрепинен қайта ислениўи, керекли жерде зәрүр болған система ямаса қурылманың енгизилиўи менен байланыслы. Себеби камера орнатылған болса да, белгили бир мүддет даўамында транспорт қуралы да, шахс та жүзин жазбаған болса, ол тек қурғақ статистикаға хызмет етеди. Ямаса қайсыдур саўда-турмыслық хызмет көрсетиў комплексиниң 1000 дана камерасы бар ҳәм ол тек ғана бақлаўға тийкарланған болса, ўақты келип ақыбет пенен гүресиўге туўра келеди. Бирақ ҳәр қандай процессти реал ўақыт режиминде бақлап барыў ушын анық таңланған орынға қарап белгиленген системалар енгизиледи ҳәм бул әмелиятта да өзиниң нәтийжесин береди.
- Бүгин система ҳуқықбузарлық ҳәм айрықша жағдайды дизимге алыўдан тысқары қәўипти алдыннан анықлаўға умтылмақта. Сиз ушин реактив қәўипсизликтен предиктив қәўипсизликке өтиўдиң ең әҳмийетли шәрти не?
- Ҳәмме исти алдын ала қадағалаўға алған ҳалда ҳәрекет етиў керек. Бул не дегени? Қайсы орынға қайсы түрдеги камера, датчик орнатылыўы ҳәм ол қайсы мағлыўматты қанша ўақыт аралығында ямаса қандай толқында жеткерип бериўи керек, деген сораўға жуўап берилиўи қәўипсиз қала инфраструктурасының мазмунын қураўы керек.
Бул инфраструктураны енгизип, қамтып алыў дәрежесин арттырыў нәтийжелиликке алып келеди. Буннан кейинги басқышларда проактив, яғный ақыбет емес, оның алдын алыўға қаратылған жасалма интеллект технологияларын кеңейтиў, жетилистириў талап етиледи. Әҳмийетли ўазыйпалардан бири хызметкерлеримизди бул системалардан профессионал дәрежеде пайдаланыў көнликпесин арттырыў, оқытыў ҳәм үйретиўге ерисиўимиз зәрүр.
Бул бағдарда белгили бир қәдемлер қойылмақта. Мысал ушын, жақында Ишки ислер министрлиги "Қәўипсиз қала" орайының хызметкерлери Орайлық Азия қәнигелери менен биргеликте “IP Club Explorer Program” программасы шеңберинде Қытайдың Дунгуань ҳәм Шэнчжэнь қалаларында технологиялық оқыў сапарында болды. Орай хызметкерлери сабақлар даўамында автоматластырылған өндирис процесслери, видеобақлаў ҳәм ақыллы қала технологиялары, киберқәўипсизлик ҳәм мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў шешимлери, жасалма интеллект тийкарындағы қәўипсизлик технологиялары, “Anti-DdoS” ҳәм заманагөй тармақ қәўипсизлиги, дата-орай инфраструктурасы ҳәм оның турақлы ислеў технологиялары менен жақыннан танысты.
Ҳәзирги басқышта инфраструктура менен бир қатарда бир қатар бағдарларда жасалма интеллектти де енгизиў бойынша системаларды ислеп шығыў ҳәм техникалық сынақлардан өткериў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул системалар барлық ўәлаят орайлары, Ташкент қаласы ҳәм Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған оператив басқарыў орайларында жәмленеди.
Оператив басқарыў орайларына келип түскен мағлыўматлар система жәрдеминде анықланады ҳәм ең соңғы басқарыў қарарлары инсан тәрепинен қабыл етиледи. Бул қәўипсиз қала системасында жүдә қолайлы ҳәм тез қурал. Бул инструменттен дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланыўды жолға қоя алсақ, және де жоқары көрсеткишлерге ерисемиз.
- Егер биз 2030-жылдағы Ташкентке қарап, бүгинги қәўипсиз қала системасының ең үлкен нәтийжесин бир норма менен баҳаласақ, ол нелерде көринеди? Камералар яки алдын алынған ҳәдийселер саны, жуўап бериў тезлиги яки адамлардың "бул қалада мен өзимди қәўипсиз сеземен" деген исеними ме?
- Ақыллы ҳәм қәўипсиз қалалар системаларын енгизиўде алдынғы болған Қубла Корея, Сингапур, Қытай және АҚШ, Европа Аўқамы мәмлекетлери менен салыстырғанда еле ислейтуғын жумысларымыз көп. Бирақ соңғы еки жыл ишинде бурын болмаған система енгизилди, платформа иске қосылды, республиканың барлық аймақларын қамтып алыў жумыслары басланды.
Республика көлеминде система жәрдеминде ашылмаған жынаятлардың саны "нольге" тең болыўын, бул көрсеткиш системаның нәтийжесин көрсетиўин мақсет етип қойғанбыз. Жынаятшылық тенденциясы жылдан-жылға азайып барыўы, көшелерде барлық хызметлерге болған талаптың басқышпа-басқыш азайыўы, олардың ўазыйпаларын заманагөй мәлимлеме технологиялары, автоматластырылған системалар ийелеўи, инсан факторы минималластырылған, санластырылған, жасалма интеллект технологияларына тийкарланған системаларды кеңнен енгизиў арқалы жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нәтийжели моделине өтиў мүмкин.
Қәўипсизлик индекси бойынша Өзбекстан бир неше жылдан берли алдынғы орынларды ийелеп келмекте. Бул тек туристлер, келиўшилер ямаса сырт елли экспертлер емес, ал тийкарғы индикаторлар жәрдеминде берилген баҳа болып есапланады. Бирақ бир нәрсени умытпаў керек. Ҳәр қандай технологиялық шешимниң нәтийжелилиги адамлардағы қәтержамлық ҳәм исеним сезими менен белгиленеди.
Заманагөй технологиялар қаншелли алдынғы ҳәм қолайлы болмасын, олардың ең әҳмийетли өлшеми инсан өмири, денсаўлығы, қол қатылмаслығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў. Усы көзқарастан, технологияларды енгизиўде тек ғана техникалық имканиятлар ҳәм нәтийжелилик емес, ал инсан мәпи, қәўипсизлиги ҳәм мәмлекетке болған исенимди тәмийинлеў мәселелери де әҳмийетли болыўы шәрт.
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы
Рисолат МАДИЕВА сәўбетлести.