2026-жыл "Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" деп жәрияланыўы мүнәсибети менен мәҳәлле институтын және де еркин ҳәм халықшыл структураға айландырыў ўазыйпасы қойылмақта.

Мақсетлер:

мәҳәлле институтының ролин арттырыў ҳәм "мәҳәлле жетилиги"ниң нәтийжелилигин арттырыў;

мәҳәллелерди жумыссызлық, кәмбағаллық, жынаятшылық ҳәм шаңарақлық ажырасыўлардан жырақ аймаққа айландырыў;

мәҳәллелердиң жумысын қаржылай қоллап-қуўатлаў;

мәҳәллениң мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен избе-из бирге ислесиўи;

мәҳәлле - район (қала) - ўәлаят - республика системасын жетилистириў.

- Санластырыў ҳәм мәҳәллелерди қаржылай қоллап-қуўатлаў;

"Санлы мәҳәлле" электрон платформасында министрликлер ҳәм уйымлардың тийисли мәлимлеме системалары өз-ара интеграцияланады. Бул арзаларды таңлап алыў ҳәм орынлаўшыларға бөлистириўди ЖИ арқалы әмелге асырыў имканиятын береди.

Мәҳәллелер инфраструктура, исбилерменлик, кәмбағаллық, жумыссызлық, жынаятшылық, келиспеўшиликли шаңарақлар, халықтың мүрәжатлары көрсеткишлери тийкарында "қызыл", "сары", "жасыл" категорияларға ажыратылады ҳәм машқалалардың сапластырылыўы мониторинг етиледи.

2026-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы республика бюджетинен Мәҳәллелердиң жумысын хошаметлеў қорына ҳәр жылы 200 миллиард сумнан қаржы ажыратылады ҳәм бул қаржылар тастыйықланған бағдарларға жумсалады.

Төмендегилер Мәҳәллениң социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў қорын қәлиплестириўдиң қосымша дәреклери етип белгиленди:

2026-жыл 1-июльден - мәҳәлле аймағында санитариялық қағыйдаларды бузғаны ҳәм нызамсыз қурылыслар ушын өндирилетуғын жәриймалардың 10 проценти;

2027-жыл 1-январьдан баслап - физикалық тәреплерден мүлк салығы ҳәм жер салығы бойынша өндирилетуғын қаржылардың 15 проценти (турақ жай емес орынлар бойынша мүлк салығы ҳәм жер салығы буған кирмейди);

аймағы 5 мың кв. метрге шекемги болған мәҳәлледеги мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин сатыўдан түсетуғын қаржылар;

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-июльден:

мәҳәлле имаратларының бос турған орынлары “E-auksion” электрон саўда платформасында электрон онлайн-аукцион арқалы ижараға бериледи;

имаратларды ижараға бериўден түскен қаржылар мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў ҳәм раўажландырыўға бағдарланады.

Тастыйықланған:

"мәҳәлле жетилиги" ағзаларының тийкарғы ҳәм шериклик ўазыйпалары;

Мәҳәлле жумысын қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша "жол картасы";

Мәҳәлле жумысын раўажландырыў бойынша республикалық комиссия қурамы.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 24.06.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады “Norma”.