Қаҳарманымыз мәмлекет тәрепинен ажыратылған жеңиллетилген 12 процентлик кредиттен ақылға уғрас пайдаланып нан өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойды. Енди оның шаңарағынан ҳәр күни ыссы нанның жағымлы ийиси таралады. Усы тәризде бир шаңараққа дәрамат, мәҳәлле халқының дастурханына берекет алып келди.

- Жаслар ушын жаратылып атырған бундай имканиятлар бизге арзыў-нийетлеримизди әмелге асырып, дәрамат табыўымызға хызмет етпекте, - дейди Гулфарида. - Нанбайшылық берекетли кәсиплерден бири. Себеби нан - ырысқы-несийбе тымсалы. Усы жумысты баслап имканиятлар ҳақыйқый күшке айланыўы ушын умтылыў, мийнет зәрүр екенлигин билдим.

Және бир қаҳарманымыз Мойнақ районы "Мәдели" аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Турғангүл Жумамуратова. Ол да мойнақлыларға ажыратылған жеңиллетилген кредиттен нәтийжели пайдаланып, өз бизнесин жолға қойды. Бурын бул аймақта нан өнимлери ислеп шығарылмайтуғын еди. Турғангүлдиң басламасы ҳәм мийнети менен усы кемислик толықтырылды.

- Маған билдирилген исеним ҳәм жаратылған имканият турмысымды өзгертип жиберди, - дейди жас исбилермен Турғангүл Жумамуратова. - Елимиздеги өзгерислерден күш алып исбилерменликти басладым. Дурыс жол таңлаған екенмен. Ҳәзир мәҳәллелеслеримиз ыссы нан алып атыр, соның арқасында биз дәраматлы болып атырмыз. Елдиң абаданлығы мине усындай киши, бирақ әҳмийетли тәреплер менен қәлиплесип бара береди екен.

Соңғы жыллары Қарақалпақстанда альтернатив энергияға қызығыўшылық барған сайын артып бармақта. Атап айтқанда, қуяш панельлерин орнатып атырған пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң саны күн сайын көбеймекте. Соның ишинде, Мойнақ районы бүгин тек ғана экологиялық тиклениў жолынан исенимли бармақта. Бәлким энергияны үнемлеў, заманагөй инфраструктура ҳәм турақлы раўажланыў жолында да алдынғы қәдем тасламақта. Атап айтқанда, районда экономиканы электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў, "жасыл" экономика технологияларын кеңнен енгизиў, энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жойбарлар турмысқа енгизилмекте. Буннан тысқары, халық, исбилерменлер арасында да қуяш панелин орнатыў жақсы әдетке айланып бармақта. Қуяш панелин орнатқанларға берилип атырған жеңилликлер бул қызығыўшылықты және де күшейтпекте. Мәселен, оларға 3 жыл даўамында мүлк ямаса жер салығы ушын жеңиллик берилген. Сондай-ақ, артықша энергияны мәмлекетке сатқанда дәраматынан пайда салығын төлемейди.

- Мойнақ районында физикалық тәреплерге тийисли 6100 шаңарақ бар. Соннан 473 тутыныўшыға қуяш панели орнатылған. Қуяш панели орнатылмастан алдын бир айлық электр тутыныўы 3 миллион киловатт-саат еди. Ҳәзир бул көрсеткиш 2 миллион киловатт-саатты қурамақта. Яғный қуяш панели орнатылғаны нәтийжесинде 1 миллион киловатт-саат электр энергиясы үнемленди, - дейди Мойнақ энергосаўда бөлиминиң баслығы Абат Алланиязов.

Жыллар даўамында Мойнақ районы халқы ушын қанша таза ишимлик суў машқаласы еди. Кейинги жыллардағы өзгерислер себепли 100 километр аралықтан қубыр тартылып, халықтың ишимлик суўға болған талабы қанаатландырылды.

- Ҳәр күни график бойынша суў алып, химиялық ҳәм бактериологиялық анализ бойынша тексеремиз, - дейди Мойнақ районы суў тәмийнаты филиалының лаборанты Зибахан Тажимуратова. - Ҳәзирги күнде лабораториямыз миллий стандарт талапларына толық жуўап береди. Мине, усы имканияттан пайдаланып, халыққа барып атырған суўды турақлы таллап барып атырмыз. Ҳәзирги ўақытта халыққа таза, сапалы суў жеткерип берилмекте.

Жыллар даўамында Мойнаққа ишимлик суўы алыстан алып келинген. Халық узын гезекте турып ыдысларын толтырған. Бүгин мойнақлыларды қыйнап киятырған бул мәселелер әсте-ақырын өз шешимин таўып бармақта.

- Мойнақ районы “Бозатаў” аўыл пуқаралар жыйыны Таллық аўылында жасайман, - дейди Айнура Бегиева. - Ишимлик суў мәселесинде жүдә қыйналғанбыз. Суўды 5-6 километр узақтағы қудықтан алып келетуғын едик. Ҳәзирги өзгерислерди көрип, қуўанып жасап атырмыз.

Ҳәзирги ўақытта Мойнақ районында суў тәмийнатын жақсылаў мақсетинде кең көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта. Әзербайжаннан келген қәнигелер заманагөй суў сақлағышларын қурмақта.

- Жойбарымызға бола, 1264 абонент суў менен тәмийинленеди. Райондағы "Дослық" мәҳәллесинде ҳәр бири 300 кублық еки суў резервуарымыз бар. "Шағырлы" аўылында болса ҳәр бири 400 куб сыйымлылыққа ийе еки суў резервуарын таярладық. "Тик өзек" аўыл пуқаралар жыйынында еки резервуар қайта оңланып, қосымша 100 кублық резервуар қурылды, - дейди “Acıko” компаниясының инженери Фазоил Макарамов. - Сондай-ақ, "Үш сай" аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары ушын еки 200 кублық суў сақлағыш таяр жағдайға келтирилди. Мойнақтың орайында ҳәр бири 1400 кублық еки суў резервуарын қурып, пайдаланыўға тапсырыў алдында турмыз. Ҳәзир жумысларымыздың 90 проценттен асламы жуўмақланды. Усы жылдың сентябрь айына шекем Мойнақ районының суў тәмийнаты толық шешиледи.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

«Янги Ўзбекистон» хабаршысы