Бүгинги күнде үлкен инвестицияларды тартыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм халықаралық бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырыў нәтийжесинде елимизде "жасыл" энергетика жоқары пәтлер менен раўажланбақта. Бул тек ғана электр энергиясын ислеп шығарыў көлемин арттырыў емес, ал тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, энергетика қәўипсизлигин беккемлеў, сондай-ақ, қоршаған орталықты қорғаўға да хызмет етеди.

Әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде бүгинги күнде елимизде улыўма орнатылған қуўатлылығы 5 602 МВт болған 21 "жасыл" электр станциясы, соның ишинде, 15 қуяш электр станциясы (3 930 МВт) ҳәм 6 самал электр станциясы (1 672 МВт) иске қосылды.

Энергетика министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, бул бағдарда төмендеги көрсеткишлерге ерисилген:

2022-жыл - 434 млн кВт/с;

2023-жыл - 576,9 млн кВт/с;

2024-жыл - 4,9 млрд кВт/с;

2025-жыл - 10,5 млрд кВт/с;

2026-жылдың январь-июль айларында - 7 млрд кВт саат "жасыл" электр энергиясы.

Соның ишинде, соңғы төрт жылда ҳәм 2026-жылдың басынан берли жәми 23,4 миллиард киловатт-сааттан аслам "жасыл" электр энергиясы ислеп шығарылған.

Бул дерлик 6,24 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў, сондай-ақ, атмосфераға шығып атырған 13,46 миллион тонна зыянлы элементлердиң алдын алыў имканиятын берди.

Бул нәтийжелер елимизде қайта тиклениўши энергия дәреклериниң кеңнен енгизилип атырғаны тек ғана электр энергиясын ислеп шығарыў көлемин арттырыў емес, ал тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға да салмақлы үлес қосып атырғанынан айқын дәрек береди.