Онда жазыўшылар, шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Аўқам баслығы Сирожиддин Саййид жыйналғанларды 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады. Мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларда басқа да тараўлар қатарында ана тилимизди сақлаў ҳәм раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен дәўирде қарақалпақ тилин буннан былай да байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.Атап айтқанда, қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалардың, көркем-әдебий китаплардың басып шығарылып атырғаны, илимий әнжуманлар ҳәм басқа да илажлардың шөлкемлестирилип атырғаны, Нөкис қаласында Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин терең үйретиўге қәнигелескен дөретиўшилик мектебиниң ашылғанын атап өтиў мүмкин. Жазыўшылар қыябанында қарақалпақ шайыр ҳәм жазыўшыларының естеликлериниң орнатылыўы кеўиллерге мақтаныш сезимлерин инәм етеди. Илажда шығып сөйлегенлер ана тилимизди буннан былай да раўажландырыў, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларымыздың абырайын буннан былай да арттырыў ҳәм оларды кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты ўатансүйиўшилик, миллий дәстүрлеримизге садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Байрам илажында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Жеңисбек Пиязов тәрепинен атқарылған қосықлар жыйналғанларға заўық бағышлады.
Ташкент қаласында Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн кең түрде белгиленди
Усы жылдың 29-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Ташкент қаласындағы Жазыўшылар қыябанында орнатылған Бердақ естелигине гүл қойыў мәресими ҳәм Жазыўшылар аўқамында руўхый-ағартыўшылық байрам илажы болып өтти.
Қарақалпақстан "Париж - Пекин" халықаралық авторалли қатнасыўшыларын қабыллады
- Ыссы дем алыс күнлеринен кейин Өзбекстанда температураның бираз төменлеўи күтилмекте
- Өзбекстанда мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында қәўипсизлик илажлары күшейтиледи
- Мәҳәллелердеги абадан турмыс ушын ҳәрекет даўам етпекте
- Өзбекстанда ҳәр мың адамға неше исбилермен туўра келеди?
- Өзбекстан Бас консулханасы: Америка Қурама Штатларының Вашингтон штатындағы тоғай өртлеринен жәбирленгенлер арасында Өзбекстан пуқаралары жоқ
Саида Мирзиёева: Ташкенттиң заманагөй архитектуралық объектлери ЮНЕСКОның Дүнья жүзилик мийрасы дизимине киргизилгени - Өзбекстанның үлкен жеңиси
- Сенатта латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесиндеги өзгерислер додаланды
- Өзбекстан Президенти Әзербайжан менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти
- Әндижан ўәлаятында Қубла Корея компаниясы менен биргеликте 300 миллион долларлық инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта
- Пенсия системасын реформалаў бойынша усыныслар көрип шығылды
- Мәҳәлле адамлар ушын исеним, сүйениш ҳәм имканиятлар орайына айланыўы керек