Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы экономикалық байланыслар
сезилерли дәрежеде жеделлести. 2023-жыл апрель айында Сербия Бас министриниң
биринши орынбасары, сыртқы ислер министри Ивица Дачич рәсмий сапар менен
Өзбекстанда болды.
Сербия Президенти Александр Вучичтиң 2025-жыл 28-31-октябрь күнлери
Өзбекстанға дәслепки рәсмий сапары әҳмийетли басқыш болды.
Ташкенттеги сөйлесиўлер жуўмағында, соның ишинде, исбилерменлик
байланысларын кеңейтиў ушын қосымша шәртнамалық тийкар жаратқан Инвестицияларды
өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққындағы шәртнама ҳәм Экономикалық бирге ислесиў
ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
2026-жыл май
айында Сербия сыртқы ислер министри Марко Джурич де Өзбекстанға келди. Сапар
даўамында саўданы кеңейтиў, машина қурылысы, фармацевтика, химия санааты, аўыл
хожалығы ҳәм басқа да тармақларда кооперацияны раўажландырыўға айрықша итибар
қаратылды.
Өз-ара саўда
көрсеткишлери
2016-2025-жылларда
Өзбекстанның Сербия менен товар алмасыў көлеми дерлик 9 есеге артып, 1,4
миллион доллардан 12 миллион долларға жетти. Экспорт 3 есеге өсип, 0,9 миллион
долларға, импорт болса шама менен 10 есеге көбейип, 11,1 миллион долларға
жетти.
2025-жылы
Өзбекстанның Сербияға экспорты қурамында тийкарғы үлести азық-аўқат өнимлери -
47,1 процент, санаат товарлары - 23,8 процент, химия өнимлери - 4,8 процент,
азық-аўқат емес шийки зат - 2,4 процент, минерал жанылғы ҳәм майлаў майлары - 1
процент, хызметлер - 20,8 процент ийелеген.
Сербиядан
импортта машина ҳәм транспорт үскенелери - 50 процент, химия өнимлери - 20,1
процент, санаат товарлары - 16,8 процент, азық-аўқат өнимлери - 4,8 процент,
ҳәр қыйлы таяр өнимлер - 4,2 процент, азық-аўқат емес шийки зат - 1,5 процент,
сондай-ақ, хызметлер - 2,6 процент үстинлик еткен.
Инвестициялық
бирге ислесиўи
2026-жыл
жағдайына бола, Өзбекстанда Сербия капиталының қатнасыўында 9 кәрхана жумыс
алып бармақта. 2016-2025-жыллары Сербиядан тартылған тиккелей сырт ел
инвестициялары ҳәм кредитлериниң жәми көлеми 2,2 миллион долларды қураған
болса, 2024-жылы тартылған тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң
көлеми тек ғана 0,2 миллион долларды қураған.
Усы тәризде,
Өзбекстан - Сербия саўдасының ҳәзирше салыстырмалы үлкен болмаған абсолют
көлеминде кейинги тоғыз жылда товар алмасыўдың сезилерли дәрежеде кеңейиўи
бақланбақта.
Экономикалық
бирге ислесиў ҳәм инвестицияларды қорғаў тараўында жаңа шәртнамалық базаның
қәлиплестирилиўи электр техникасы, машина қурылысы, азық-аўқат санааты,
тоқымашылық сыяқлы тараўларда саўда, инвестициялық бирге ислесиў ҳәм санаат
кооперациясын буннан былай да раўажландырыў ушын қосымша шараятлар жаратады.