Илаж металлургия, энергетика, логистика, биотехнология, автомобиль
қурылысы, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да тараўларда жумыс алып барып атырған
мәмлекетлик ҳәм тармақ шөлкемлери, сондай-ақ, 22 компанияның ўәкиллерин
бирлестирди.
Соңғы бес жылда Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы товар алмасыў көлеми үш
есеге өсип, 2025-жылдың жуўмағы бойынша 18 миллиард долларға шамаласты.
Қытайдың тиккелей инвестицияларының көлеми 5 есеге көбейип, 17 миллиард
долларға жетти. Елимизде Қытай капиталының қатнасыўында 6 мыңнан аслам кәрхана
жумыс алып бармақта.
Қатнасыўшылар
таў-кән санааты, "жасыл" энергетика, аўыл хожалығы, медицина,
заманагөй технологиялар, санаат кооперациясы ҳәм экспортқа бағдарланған өндирис
тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыў перспективаларын көрип шықты.
Форум тиккелей
исбилерменлик байланысларын орнатыў, инвестициялық басламаларды қәлиплестириў
ҳәм биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў ушын майданға айланды.