Буннан тысқары, меморандум шеңберинде финтех-инновациялар, ашық банкинг (Open Banking), орайлық банклердиң санлы валюталары (CBDC), тәртипке салыў "қум қутысы" механизмлери, сондай-ақ, қәўип-қәтерлерди баҳалаў методологиялары бойынша билим ҳәм әмелий тәжирийбе алмасыў нәзерде тутылған.

Меморандум орайлық банклер арасында кәсиплик ҳәм экспертлик қарым-қатнасты беккемлеў, тийисли бағдарлар бойынша еки тәреплеме жумысшы ушырасыўлар, оқыў илажлары ҳәм семинарларды шөлкемлестириў, алдынғы тәжирийбе ҳәм заманагөй көзқараслар алмасыўына жәрдемлесиўге қаратылған.