Қытай делегациясының қурамында таў-кән ҳәм химия санааты, аўыл хожалығы
ҳәм шарўашылық, сүт ҳәм азық-аўқат өнимлери, PET материаллары,
тоқымашылық ҳәм мебель ислеп шығарыў тараўларында жумыс алып барып атырған Sichuan
Hebang Investment Group, China Feihe Limited, YEMA Group, Zhejiang ZHINK Group ҳәм
Beijing Century Beking Furniture
компанияларының ўәкиллери бар.
Ушырасыўда Қытай тәрепине Өзбекстанның инвестициялық потенциалы ҳәм
биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Тәреплер кәнлерди өзлестириў, минерал шийки затты терең қайта ислеў,
химия өнимлерин ислеп шығарыў, қурғақ сүт ҳәм басқа да сүт өнимлерин ислеп
шығарыў тараўларындағы бирге ислесиўдиң перспективаларын додалады.
Ушырасыў
жуўмағында перспективалы инвестициялық жойбарларды кейин ала әмелге асырыў ушын
тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте оларды толық ислеп шығыў
бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге келисип алынды.