- Тарийхтан белгили, халықлар бир-бири менен байланысып, ең жақсы
тәжирийбелерди өзлестиргенинде раўажланыўға ериседи, - деди ҳәким.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл
14-июль күни Тоскана губернаторы менен сөйлесиўлериниң жуўмақлары бойынша
берген тапсырмалары ҳәм ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип
шығылды.
Сөйлесиўлер шеңберинде Тосканадағы денсаўлықты сақлаў мәкемелерине
өзбекстанлы медицина қәнигелерин жумысқа орналастырыў мәселелерине айрықша
итибар қаратылды. Тәреплер
Өзбекстаннан келген шыпакерлер ҳәм мийирбийкелердиң мүнәсип мийнет ҳақы
төленетуғын лаўазымларда ислеўи ушын шараятлар жаратыў мәселесин додалады.
Буннан тысқары,
Өзбекстан делегациясы Пиза университетине барып, оның ректоры Риккардо Цуки
менен ушырасыў өткерди. Университет 1343-жылы шөлкемлестирилген болып,
Европадағы ең ески ҳәм абырайлы жоқары оқыў орынларынан бири есапланады.
Сөйлесиўлер
жуўмағында Италияда жумыс ислеўден мәпдар болған қәнигелерди таярлаў бойынша
биргеликтеги билимлендириў бағдарламасын ислеп шығыўға келисип алынды.
Бағдарлама итальян тилин үйрениў, сондай-ақ, Италия денсаўлықты сақлаў
системасының талаплары ҳәм стандартларына муўапық таярланыўды өз ишине алады.
Сондай-ақ,
жумысшы топар қурылыс басқышында турған ҳәм келешекте өзбекстанлы медицина
қәнигелериниң профессионал жумысы ушын майданлардан бирине айланыўы мүмкин болған
Пиза университетиниң жаңа клиникалық комплекси менен танысты.
Сапар даўамында
кадрлар таярлаў, тәжирийбе алмасыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў
тараўларында биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў бойынша бирге ислесиў
перспективалары көрип шығылды.
Ерисилген
келисимлер Өзбекстан ҳәм Тоскана арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў,
өзбекстанлы қәнигелердиң Италияда профессионал жумыс ислеўи ушын қосымша
шараятлар жаратыўда жаңа имканиятлар ашады.