Батыс Африкадағы Гвинея-Бисау Республикасы Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан 168-мәмлекет болды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Тәреплер халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШ ҳәм оның қәнигелескен мәкемелери шеңберинде бирге ислесиўди беккемлеўден исенимли мәпдар екенин билдирди.
Еки тәреплеме байланыслардың өз-ара пайдалы бағдарларын излеў бойынша бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.
Еслетип өтемиз, 2026-жыл 19-апрель күни Өзбекстан ҳәм Руанда сыртқы ислер министрлери Бахтиёр Саидов ҳәм Оливье Ндухунгирехе Анталия қаласында Дипломатиялық қатнасықлар орнатыў ҳаққындағы қоспа коммюникеге қол қойған еди.