"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, олар:

Ташкент ўәлаятының: Оҳангарон, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Шыршық, Жоқары Шыршық районлары ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;

Наманган ўәлаяты: Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқўрғон районлары бойынша;

Ферғана ўәлаятының: Сух, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;

Әндижан ўәлаятының: Әндижан, Асака, Жалақудық, Қорғантепа, Пахтаабад, Избасқан, Хожаабад, Марҳамат районлары ҳәм Ханабад қаласында.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар ҳәм таўлы аймақларға шығыўшы айдаўшылардан сақлық илажларына әмел етиўи соралады.

Республикамыздың айырым аймақларында жаўын-шашын суўлары топланып, аймақларды суў басыўы мүмкин.