Форум усы жыл 5-апрель күни Қабул қаласында сыртқы сиясий уйымлар
дәрежесинде өткерилген "Орайлық Азия + Аўғанстан" министрлер
мәсләҳәтлесиў сөйлесиўиниң логикалық даўамы болды. Буннан алдын Орайлық ҳәм
Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша Термиз қарым-қатнасы
шеңберинде "Орайлық Азия + Аўғанстан" форматында экспертлер ушырасыўы
болып өтип, онда Қабул форумын өткериў ҳәм мазмунлы байытыў бойынша көзқараслар
додаланған еди.
Илажға қатнасыў
ушын Орайлық Азия ҳәм Аўғанстанның мәмлекет басшылары және сыртқы сиясат
уйымлары жанындағы стратегиялық изертлеўлер миллий институтлары, академиялық
ҳәм экспертлер жәмийетшилиги, илимий-изертлеў орайлары, сондай-ақ, регион
мәмлекетлериниң дипломатиялық корпусы ўәкиллери Кабулда жыйналды.
Күн тәртиби
комплексли характерге ийе еди. Сөйлесиўде сиясий сөйлесиў ҳәм регионаллық
турақлылық, қәўипсизлик, экономикалық бирге ислесиў, транспорт ҳәм энергетика
байланыслылығын раўажландырыў мәселелери додаланды. Мәдений-гуманитарлық
байланысларды кеңейтиў ҳәм климат машқалаларына айрықша итибар қаратылды.
Экспертлер
сөйлесиўи қатнасыўшыларына мүрәжат етип, Аўғанстан сыртқы ислер министри
Мавлавий Амир Хон Муттақий "Орайлық Азия - Аўғанстан" биринши таллаў
орайлары форумының өткерилиўин қоллап-қуўатлап, оны регионаллық сөйлесиўди
институционалластырыў жолындағы әҳмийетли қәдем, деп атады. Оның атап өтиўинше,
Орайлық Азия ҳәм Аўғанстанды регион тәғдири, мәплери ҳәм келешеги ушын
улыўмалық жуўапкершилик бирлестирип турады, соның ушын бүгин улыўмалық мәканды
раўажландырыў бағдарларын еркин белгилеў ҳәм өз регионаллық күн тәртибиниң
авторлары болыў ўақты келди. Аўғанстан дипломатиясы басшысының сөзлерине бола,
климат қәўип-қәтерлерине биргеликтеги жуўапларды ислеп шығыў ҳәм регионаллық
өз-ара байланыслылық жойбарларын, соның ишинде, CASA-1000, TAPI ҳәм трансаўған
транспорт жолларын алға қойыў тийкарғы бағдарлар болыўы керек. Муттақий
"Орайлық Азия - Аўғанстан" экспертлик платформасы бирге ислесиўди
беккемлеў, өз-ара исенимди арттырыў ҳәм регионның келешеги бойынша улыўмалық
көзқарасты қәлиплестириўде әҳмийетли механизм болатуғынына исеним билдирди.
Аўғанстан Сыртқы
ислер министрлиги жанындағы Стратегиялық изертлеўлер орайының директоры Абдул
Хай Канит, өз гезегинде, регионда Аўғанстанға болған қатнасларда әҳмийетли
парадигма өзгерип атырғанын атап өтти - мәмлекетке тийкарынан қәўипсизликке
қәўип-қәтерлер көзқарасынан қараўдан оны регионаллық раўажланыў ҳәм өз-ара
байланыслылық процесслериниң ажыралмас қатнасыўшысы сыпатында қараўға. Бул
көзқарасты алға қойыўда Аўғанстанды регионаллық процесслерге конструктивлик
жақтан тартыўдың избе-из тәрепдары болған Өзбекстан әҳмийетли орын ийелейтуғынын
атап өтти. Эксперттиң атап өтиўинше, бүгинги күнде Орайлық Азия мәмлекетлери
ҳәм Аўғанстан арасында пикирлесиў, тартыў ҳәм улыўма раўажланыў имканиятларын
излеўге тийкарланған прагматикалық бирге ислесиў пайдасына консенсус
қәлиплеспекте.
Форумда шығып
сөйлеген Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм
регионлараралық изертлеўлер институты директорының биринши орынбасары Акрамжон
Неъматов Аўғанстан бойынша заманагөй көзқараслар барған сайын прагматикалық ҳәм
әмелий шешимлерге бағдарланғанын атап өтти. Эксперт буны соңғы жыллардағы
халықаралық тәжирийбе Аўғанстанның ишки турақласыўын күтип, оны жеккелеў
сиясатының жарамсыз екенин көрсеткени менен дәлилледи. Усы мүнәсибет пенен
системалы ҳәм конструктивлик шерикликке өтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Бүгин мәселе
Аўғанстан менен бирге ислесиў ямаса бирге ислесиў емес, ал бул бирге ислесиў
қандай болыўы керек - жағдайға байланыслы ямаса системалы, қәўипсизлик ҳәм
раўажланыўдың узақ мүддетли архитектурасын қәлиплестириўге қаратылғаны айрықша
атап өтилди. Усы мәниде, Өзбекстанның сиясаты Аўғанстанды регионаллық
процесслерге конструктивлик жақтан тартыў ҳәм өз-ара жуўапкершилик ҳәм
улыўмалық мәплер тийкар болып хызмет ететуғын турақлы бирге ислесиў модельин
қәлиплестириў зәрүрлигинен келип шығатуғыны атап өтилди.
А.Неъматов соңғы
жыллары Өзбекстанның Аўғанстанға болған қатнасы сезилерли дәрежеде өзгергенин
атап өтти: тийкарынан қәўип-қәтерлер көзқарасынан оны Орайлық ҳәм Қубла Азия
мәканының қәлиплесип атырған әҳмийетли қатнасыўшысы, регионаллық қәўипсизлик
ҳәм раўажланыў системасының ажыралмас элементи сыпатында көриўге шекем.
Айрықша атап
өтилгениндей, "экономикалық компонентке ставка тек ғана коммерциялық пайда
ушын исленбейди. Бул өзине тән тынышлық орнатыўшы раўажланыў дивидентин
қәлиплестириў ҳаққында сөз болмақта". Стратегиялық ҳәм регионлараралық
изертлеўлер институты ўәкилиниң сөзлерине бола, "қоспа жойбарлар, энергетика
тармақлары, транспорт коридорлары ҳәм саўда байланыслары қанша көп болса,
барлық қатнасыўшылардың тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаўдан мәпдарлығы сонша
жоқары болады".
Усы мүнәсибет
пенен спикер тек ғана еки тәреплеме бирге ислесиў менен шекленип қалмастан,
бирге ислесиўдиң толық регионаллық архитектурасын қәлиплестириўге өтиўге
шақырды.
Регионымыз өзине
жүкленип атырған транзит аймақ, периферия ҳәм күш орайлары арасындағы буфер
роли шеңберинен шығып, улыўма мәканымыздың жәҳән экономикасы ҳәм глобал
сиясаттағы орнын өзгертиўге уқыплы болған өз-ара бирге ислесиў моделин
қәлиплестириўге уқыплы", - деп атап өтти эксперт.
Оның сөзлерине
бола, "Бул жерде Орайлық ҳәм Қубла Азия сыртқы процесслердиң обектине
емес, ал раўажланыўдың өз алдына орайына - Евразияның әҳмийетли
өндирислик-логистика түйини ҳәм глобал қосымша қун шынжырларының ажыралмас
буўынына айланатуғын модельге өтиў ҳаққында сөз болмақта".
Июнь айының
басында Аўғанстаннан абырайлы делегация қатнасыўында болып өткен Орайлық ҳәм
Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша Термиз сөйлесиўиниң екинши
мәжилиси әйне усы ўазыйпаға қаратылғаны айрықша атап өтилди.
А.Неъматов
заманагөй Орайлық Азия бүгинги күнде жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним,
экономикалық кооперация ҳәм регионаллық субъектликти беккемлеў принциплерине
тийкарланған өзиниң раўажланыў стратегиясына ийе болған консолидацияласқан
регион екенин атап өтти.
- Орайлық Азия өз
тәжирийбесинде ең қыйын мәселелерди де сөйлесиў, келисим ҳәм өз-ара мәплерди
есапқа алыў арқалы шешиў мүмкин екенлигин дәлилледи, - деди ол.
Эксперт көп он
жыллықлар даўамында биринши мәрте Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында бирден-бир
бирге ислесиў мәканын қәлиплестириў ушын шараят жаратылып атырғанына исеним
билдирди. Усы мүнәсибет пенен ол бул тарийхый имканиятты қолдан жибермеўге ҳәм
ҳәзирги унамлы пәттен пайдаланып, регионның узақ жыллар даўамында раўажланыўын
белгилеп беретуғын узақ мүддетли процесслерди баслаўға шақырды.
А.Неъматов
Өзбекстан Аўғанстанды регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа моделин қәлиплестириўде
тийкарғы шериклерден бири сыпатында қабыл ететуғынын, оны регионаллық
процесслерге конструктивлик жақтан тартыў ушын ашық екенин атап өтти. Соған
муўапық, Аўғанстан да қоңсы мәмлекетлердиң мәплерин есапқа алыўы ҳәм турақлы,
алдыннан анық ҳәм қолайлы регионаллық орталықты қәлиплестириўге үлес қосыўы
керек.
"Тек ғана
усындай тийкарда Орайлық ҳәм Қубла Азияның барлық халықларының мәплерине жуўап
беретуғын қәўипсизлик, раўажланыў ҳәм абаданлықтың улыўма архитектурасын қурыў
мүмкин", - деп атап өтилди шығып сөйлеў ўақтында.
Улыўма алғанда,
форум қатнасыўшылары "Орайлық Азия - Аўғанстан" форматы өз-ара бирге
ислесиўдиң қәлиплесип атырған регионаллық архитектурасының әҳмийетли элементине
айланып, сиясий сөйлесиўди экспертлик өлшем менен толықтырып атырғанын
тастыйықлады.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер Орайлық ҳәм Қубла Азия мәканында узақ мүддетли
турақлылықты, избе-из раўажланыўды ҳәм өз-ара байланыслылықты тәмийинлеўге
қаратылған тийкарғы тараўлар ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық
усынысларды қәлиплестирди.
Сондай-ақ, Қабул
форумы регионаллық қәўипсизлик, өз-ара байланыслылық ҳәм турақлы раўажланыў
мәселелери бойынша әмелий усыныслар ислеп шығыў ушын турақлы майданға
айланатуғыны атап өтилди.
Тәреплер регионда
исенимди беккемлеў, өз-ара байланыслылықты раўажландырыў, турақлылық ҳәм
раўажланыўдың узақ мүддетли архитектурасын қәлиплестириўге қаратылған
экспертлик бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм ҳәрекетлерди
муўапықластырыўға таяр екенин билдирди.