Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер еки мәмлекет арасында автомобиль тасыўларын буннан былай да раўажландырыў, миллий тасыўшылар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, Аўғанстан аймағында Өзбекстан транспорт компанияларынан алынатуғын жыйымларды оптималластырыў мәселелерин додалады.

Ушырасыў жуўмағында 2026-жыл 10-августқа шекем ведомстволараралық жумысшы топардың гезектеги мәжилисин өткериў, онда жыйымлардың муғдарын азайтыў ҳәм теңлик тийкарында белгилеў мәселесин көрип шығыўға келисип алынды.

Буннан тысқары, тәреплер миллий халықаралық тасыўшылардың жумысында жүзеге келип атырған әҳмийетли мәселелерди жедел шешиў ушын жақын ўақыт ишинде Аўғанстанның тийисли уйымлары ўәкиллериниң қатнасыўында өз алдына ушырасыў өткериўге келисип алды.

Атап өтилиўинше, бул сөйлесиў Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында транспорт-транзит тараўындағы әмелий бирге ислесиўди және де беккемлеў, халықаралық жүк тасыўларды кеңейтиў ҳәм еки мәмлекет исбилерменлери ушын және де қолайлы логистика шараятларын жаратыўға хызмет етеди.