Бағ ушын 4 гектар жер майданы ажыратылған. Бул жерде Әзербайжанның бай
мәденияты, көп әсирлик тарийхы ҳәм миллий дәстүрлерин сәўлелендиретуғын
заманагөй жәмийетлик мәкан жаратылады. Бағ еки туўысқан халықтың мәдений
жақынлығы ҳәм дослығын көрсететуғын орынға айланады.
Бул ийгиликли баслама өз-ара байланыслы екенин атап өтиў керек. Президент
Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары шеңберинде Баку қаласындағы
"Ақ қала" аймағында болажақ "Өзбекстан" паркине капсула
қойылды.
4,5 гектар
майданда қурылатуғын комплексте Өзбекстанның бай мәденияты ҳәм дәстүрлери,
миллий архитектуралық мектеби өзине тән форматта көрсетиледи. Онда елимиздеги
тарийхый естеликлердиң архитектуралық көринисин, жасыл аймақлар ҳәм сейил етиў
орынларын жаратыў нәзерде тутылған.
Солай етип,
Ташкент қаласындағы "Әзербайжан" ҳәм Баку қаласындағы
"Өзбекстан" парклери халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық,
өз-ара ҳүрмет ҳәм руўхый жақынлықтың және бир айқын белгиси болады.
Мәмлекет
басшылары болажақ парк аймағына символикалық капсулалар қойып, жойбарды әмелге
асырыўға тырнақ тасын қойды.