Шийшемби күни Испания сайланды командасы АҚШ, Канада ҳәм Мексикада болып
өтип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатының ярым финал ойынында Франция
сайланды командасын жеңди. Далластағы ушырасыў 2:0 есабында испанлардың
пайдасына шешилди.
Париж ҳәм оның әтирапында ойын фонында ўақыялар жүз берди. Дәслепки
нәтийжелер бойынша... Ойын фонында 141 адам қамаққа алынды", - деп хабар
береди канал.
Олардың қолға алыныўына тийкарғы себеп ҳуқықбузарлардың ҳуқық қорғаў
уйымларына қарсы фейерверклерден пайдаланыўы болған. Атап өтилиўинше, аўыр
жарақатланғанлар жоқ.
Буннан тысқары, Францияның Лион қаласында да тәртипсизликлер жүз берди.
Ойын даўамында бир неше топар жаслар Белькур қаласының орайлық майданында
жәмлести. Кейин ала олар ҳуқық қорғаўшыларына қарсы да фейерверклерди
қолланған. Аўыр зыян ямаса жарақатланғанлар ҳаққында мағлыўмат жоқ, деп жазады “ria.ru”.