Жойбар мәмлекет, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, тоғай хожалығы, экологиялық хызметлер ҳәм халықтың ҳәрекетлерин бирлестирип, қолайлы қала орталығын қәлиплестириў, турмыс сапасын арттырыў ҳәм елатлы пунктлердиң климат өзгериўи ақыбетлерине бейимлесиўине хызмет етеди.

Жойбардың тийкарғы өзгешеликлериниң бири пуқаралардың белсене қатнасыўы болып есапланады. Жаңа жасыл аймақларды жаратыў бойынша идеяларды пуқаралардың өзлери алға қояды ҳәм "Ашық бюджет" порталында халық даўыс бериўи өткериледи. Жеңимпаз болған басламалар қаржыландырылады ҳәм объектлерди шөлкемлестириў жумыслары Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети тәрепинен жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырылады.

Үш жылдағы үлкен нәтийжелер

2024-жылы "Ашық бюджет" порталына жәми 789 социаллық баслама киргизилген болып, соннан 212 жойбар халық тәрепинен ең көп қоллап-қуўатланған. Оларды әмелге асырыў ушын 140,1 гектар жер ажыратылып, 128 жасыл бағ ҳәм 84 жасыл жәмийетлик парк пайда болды.

2025-жылы халық тәрепинен 570 жойбар усынылып, даўыс бериў нәтийжелерине бола 174 баслама жеңимпаз болған. Жер участкалары баҳаланып, белгиленген талапларға жуўап бермейтуғыны себепли 18 жойбар әмелге асырылмаған. Нәтийжеде тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлери тийкарында 104,9 гектар майданда 89 жасыл бағ ҳәм 67 жасыл жәмийетлик парк шөлкемлестирилди.

Бул жумыслар 2026-жылы да даўам еттирилмекте. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен жасыл бағлар ҳәм жәмийетлик парклер шөлкемлестириў бойынша 610 жойбар бойынша усыныслар қәлиплестирилген. Даўыс бериў процесинде пуқаралар 152,2 мың даўыс, соның ишинде, жеңимпаз болған жойбарлар ушын 97,4 мың даўыс берди. Таңлаў жуўмағында елимиздиң ҳәр бир район ҳәм қаласында кеминде биреўден - 208 жойбар жеңимпаз деп табылды. Оларды әмелге асырыў ушын 52 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Жасыл мәканлар жәмийетлик турмыстың жаңа орайларына айланбақта.

Бүгинги күнде Өзбекстанның барлық аймақларында "Мениң бағым" жойбары табыслы әмелге асырылмақта, заманагөй абаданластырыў ҳәм экологиялық турақлылық талапларына жуўап беретуғын жаңа жәмийетлик орынлар жаратылмақта.

Сурхандәрья ўәлаятының Ангор районындағы "Қарақыр" массивинде аймақтағы ең ири жасыл аймақлардан бири жаратылмақта. 108 гектар майданда 270 мың түп саяманлы тереклер егилмекте. Жойбар экологиялық жағдайды жақсылаў, шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм қурғақ аймақларда жаңа жасыл ландшафтты қәлиплестириўге қаратылған.

Хорезм ўәлаятының Хийўа қаласындағы "Арда Хийўа" комплекси жанында 9 гектар майданда заманагөй жасыл бағ жаратылып, 4 мыңнан аслам саяманлы тереклер егилмекте. Жаңа бағ тарийхый қаланың ең ири дем алыў орынларынан бирине айланады.

Самарқанд ўәлаятының Булунғур районындағы "Алмазар" мәҳәллеси аймағында 2 гектар майданда "Жасыл бағ" шөлкемлестирилди. Бул жерде жергиликли климат шараятына бейимлестирилген 1200 ден аслам саяманлы тереклер егилген. Ҳәзирги ўақытта жақтыландырыў, отырғышлар ҳәм басқа да абаданластырыў элементлерин орнатыў жумыслары жуўмақланбақта.

Ҳәзирги ўақытта Самарқанд ўәлаятының Ақдәрья районында "Жасыл жәмийетлик парк" шөлкемлестирилип, бул жерде беседкалар қурылған, аймақ комплексли көклемзарластырылған ҳәм халықтың дем алыўы ушын қолайлы орталық жаратыў жумыслары даўам еттирилмекте.

Жиззақ ўәлаятында бир ўақыттың өзинде бир неше ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Шараф Рашидов районындағы Янгиобод мәҳәллесинде 10 гектарлық жасыл жәмийетлик парк шөлкемлестирилип, ҳәзирги ўақытта 2 мың 500 түп саяманлы, мийўели терек ҳәм путалар егилген.

Жиззақ қаласында 13,6 гектар майданда жаңа жасыл жәмийетлик парк қурылмақта. Ҳәзирги ўақытта аймаққа 4800 ден аслам терек ҳәм путалар, соның ишинде, қырым ҳәм эльдар қарағайы, емен, ясен, клён, каштан, қайың, қайрағаш, каталпа ҳәм басқа да түрлер егилген. Қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң, бағ аймақтағы ең ири жәмийетлик жасыл аймақлардан бирине айланады.

Және бир үлкен жойбар Шараф Рашидов районындағы "Жаңа Өзбекстан" массивинде әмелге асырылмақта. Террасалаў усылында 28 гектар майданда жасыл жәмийетлик парк ҳәм қорғаў жасыл белбеўи жаратылған. Бул жерде 11 мың 270 мийўели ҳәм саяманлы тереклер егилген, оларды тәрбиялаў ушын заманагөй тамшылатып суўғарыў системасы енгизилген.

Наўайы ўәлаятының Конимех районында жаңа жәмийетлик бағлар жаратыў, жасыл аймақларды абаданластырыў жумыслары даўам еттирилмекте. Бул жерде саяманлы ҳәм мийўели тереклер егилип, қолайлы дем алыў орынлары шөлкемлестирилмекте, жас нәллердиң жағдайы экологиялық хызмет қәнигелери тәрепинен турақлы қадағалап барылмақта.

Мәмлекеттиң жасыл фондын кеңейтиўде басқа да басламалардың үлеси үлкен. Атап айтқанда, Жиззақ ўәлаятында "Салықшылар бағы" шөлкемлестирилип, 10 мыңға шамалас саяманлы ҳәм мийўели тереклер егилген болса, ЮНЕСКОның 80 жыллығына бағышланған акция шеңберинде тек ғана Шараф Рашидов районының өзинде "80 мың терек" сүрени астында 6500 түрдеги терек нәли егилген.

Ферғана ўәлаятында да "жасыл" инфраструктура жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Қува районындағы Каркидон суў сақлағышының әтирапында жасыл аймақ шөлкемлестирилип, ҳәр қыйлы түрдеги 100 мыңнан аслам саяманлы терек нәллери егилди, автомобиль жолының бойында қосымша 7,1 километр узынлықтағы қорғаныў жасыл аймағы жаратылды.

Көклемзарластырыўға профессионал қатнас

Жасыл мәканларды жаратыў тек ғана тереклер отырғызыў менен емес, ал олардың келешектеги тәрбиясын тәмийинлеў менен де бирге алып барылады. Жаз мәўсиминде жас нәллерди турақлы суўғарыў, агротехникалық тәрбиялаў ҳәм сақлаўға айрықша итибар қаратылады.

Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети ҳәм "Замин" халықаралық жәмийетлик фондының биргеликтеги жумысы қалаларды көклемзарластырыўға заманагөй қатнасларды раўажландырыўға қосымша пәт бағышламақта.

2022-жылдан берли әмелге асырылып атырған "Жасыл жер" жойбары шеңберинде қалалардың жасыл аймақларын раўажландырыў, қәнигелердиң маманлығын арттырыў, халықты экологиялық басламаларға тартыў бойынша системалы жумыс алып барылмақта.

Усы жылдың бәҳәр мәўсиминде Ташкент қаласы, Оҳангарон қаласы ҳәм Янгиҳаёт районында мыңлаған терек ҳәм путалар егилди. Тек ғана Янгиҳаёт районының өзинде мектеп оқыўшылары, мәҳәлле халқы ҳәм эко белсендилер менен биргеликте 2 мың гектарда 2 мың түптен аслам чинар, емен, ясен, ҳинд настарини ҳәм сурия гүли егилген. Жойбар әмелге асырылғанынан берли бул жерде 25,6 гектар майданда 18 мың 790 түп терек ҳәм путалар егилген.

Пайтахтымыздың Чиланзар ҳәм Яккасарай районлары, сондай-ақ, Оҳангарон қаласында қурылып атырған "Бўржар" каналының жағасына нәллер егиў көклемзарластырыўдың және бир басқышы болды. Бәҳәрги мәўсим нәтийжесинде 4,5 гектар майдан көклемзарластырылып, 5 мыңнан аслам терек ҳәм путалар егилген болса, жойбардың улыўма көрсеткиши 30,1 гектар майданда 24 мың 129 терек ҳәм путаға жеткерилди.

2026-жылы "Замин" халықаралық жәмийетлик фонды менен биргеликте 7 экологиялық жойбар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Хийўа қаласында 9,26 гектар майданда "Жаслар эко бағы" жаратылып, 3082 түп терек ҳәм 2 мыңнан аслам саяманлы путалар егилген, Ангрен қаласында 22,6 гектар майдандағы ири бағ реконструкцияланып, айланыў бағлары, заманагөй жақтыландырыў системалары, дем алыў орынлары, пикниклер, жасалма суў бассейни ҳәм автоматикалық суўғарыў орынлары шөлкемлестирилген.

Жасыл келешек бүгин жаратылмақта

"Мениң бағым" жойбары мәмлекетимиздеги ең үлкен жәмийетлик экологиялық жойбарлардан бирине айланып үлгерди. Ол тек ғана жасыл майданларды көбейтиў емес, ал мәмлекет ҳәм жәмийетти бир мақсет жолында бирлестирип, қоршаған орталыққа абайлылық пенен қараўдың жаңа мәдениятын қәлиплестиреди.

Пуқаралардың басламасы менен шөлкемлестирилип атырған жасыл бағлар ҳәм жәмийетлик парклер жаңа тартымлы орайларға, шаңарақлық дем алыў, спорт пенен шуғылланыў ҳәм жасларды экологиялық тәрбиялаў орынларына айланбақта. Оларды раўажландырыў экологиялық жағдайды жақсылаў, қалалардың климат өзгерислерине шыдамлылығын арттырыў, ҳәзирги ҳәм келешек әўладлардың жасаўы ушын қолайлы орталық жаратыў бойынша мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бөлеги болып есапланады.