Корея Республикасына әмелий сапары шеңберинде Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов ҳәм “IT Park Uzbekistan” атқарыўшы директоры Жаҳонгир Ражабов “Global Digital Innovation Network” (GDIN) президенти ҳәм бас директоры Чонг Кап Ким менен сөйлесиў өткерди.

Илаж шеңберинде Соннам қаласындағы “Pangyo Technovalley” технологиялық кластери аймағында жайласқан Корея Республикасындағы IT Park Uzbekistan «Liaison»  ўәкилханасының ашылыў мәресими де болып өтти. Ўәкилхана “GDIN” менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, Кореяның технологиялық компаниялары, стартаплары, инвесторлары ҳәм инновациялық экосистеманың басқа да қатнасыўшылары менен тиккелей бирге ислесиў платформасына айланады. Данияр Атаджанов “IT Park Uzbekistan”ның Корея Республикасындағы рәсмий ўәкили етип тайынланды.

Тәреплердиң ўәкиллери илаж қатнасыўшыларына өз шөлкемлериниң жумысы менен таныстырды. “GDIN” атқарыўшы директоры Сокджин Чан шөлкемниң тийкарғы жумыс бағдарлары ҳаққында айтып берди, соң “IT Park Uzbekistan” жәмәәти Өзбекстанның технологиялық экосистемасының имканиятлары ҳәм халықаралық бизнести раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар менен таныстырды.

Сондай-ақ, жаңа ўәкилхана жумысының тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, жергиликли технологиялық жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди раўажландырыў, Корея компанияларын Өзбекстанға тартыў ҳәм Өзбекстан технологиялық жойбарларының Корея Республикасы базарына шығыўын қоллап-қуўатлаў ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ушырасыўдың тийкарғы нәтийжелеринен бири “IT Park Uzbekistan” ҳәм “GDIN” арасында Түсинисиў меморандумының (MoU) тастыйықланыўы болды. Ҳүжжет стартапларды қоллап-қуўатлаў, технологиялық компаниялардың халықаралық көлемде кеңейиўине жәрдемлесиў, Өзбекстан ҳәм Корея Республикасының инновациялық экосистемалары арасындағы бирге ислесиўдиң әмелий механизмлерин раўажландырыўды нәзерде тутады.

Бирге ислесиў шеңберинде тәреплер қоспа кәрханалар (Joint Venture, JV) шөлкемлестириў, компаниялардың сырт ел базарларына шығыў бағдарламаларын әмелге асырыў, еки мәмлекеттиң стартаплары арасында алмасыў бағдарламаларын жолға қойыў, биргеликтеги пилот жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, жасалма интеллект ҳәм R&D тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыўды режелестирмекте.

Буннан тысқары, “IT Park Uzbekistan” “GDIN” шериклик тармағына қосылады. Бул Өзбекстан ҳәм Корея технология компаниялары арасындағы тиккелей байланысларды кеңейтиў имканиятын береди.

Өзбекстан стартапларының Корея Республикасы базарына кириўи

Корея Республикасында “Korea–Uzbekistan Global PoC Program” шеңберинде өзбек стартаплары ушын биринши “Proof of Concept” (PoC) жойбарын иске қосыўға айрықша итибар қаратылды.

Бағдарлама стартапларға өз технологиялық шешимлерин тиккелей Корея базарында сынақтан өткериў, потенциал бирге ислесиўшилер ҳәм буйыртпашылардан пикир-усыныс алыў, өнимге болған талапты баҳалаў ҳәм кеңейтиўдиң кейинги басқышларына таярлық көриў имканиятын береди.

Тәреплер еки мәмлекет компанияларының қатнасыўында қоспа кәрханалар шөлкемлестириў мәселесин де додалады. Биринши басқышта 2027-жыл январьда иске түсирилиўи режелестирилген үш “JV” жойбары ҳәм бир “PoC” бағдарламасын таярлаў режелестирилген.

Корея Республикасы технологиялық экосистемасы менен жаңа байланыслар.

Илаж шеңберинде Кореяның технологиялық, инвестициялық, билимлендириў ҳәм исбилерменлик жәмийетшилиги ўәкиллериниң қатнасыўында networking-сессия да шөлкемлестирилди.

Додалаўда “KOIIA”, “Inpro”, “KPMG”, “Ezcure”, “Korea IT Consulting”, “KDDI Korea”, “Neural D”, “Yonsei University”, “ARTYZ Korea Inc.”, “WISESTONE”, “Prototie” ҳәм “SaferZone” компанияларының ўәкиллери қатнасты.

Қатнасыўшылар бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, компаниялардың еки мәмлекет базарларына шығыў имканиятлары, қоспа жойбарларды әмелге асырыў, Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы технологиялық компаниялары арасында тиккелей исбилерменлик байланысларын раўажландырыў мәселелерин додалады.

“GDIN” менен бирге ислесиў ҳәм “IT Park Uzbekistan” жаңа ўәкилханасының жумысы Кореяның технологиялық компанияларын Өзбекстанға тартыў, стартаплар арасындағы алмасыўды раўажландырыў, биргеликтеги пилот жойбарларды иске қосыў ҳәм ЖИ ҳәм “R&D” тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын қосымша имканиятлар жаратады.

“Global Digital Innovation Network” (GDIN) 2013-жылы шөлкемлестирилген. Шөлкем Корея Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлердиң инновациялық технология компаниялары арасында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм олардың глобал базарларға шығыўына жәрдемлеседи. “GDIN” өз жумысы даўамында 3 мыңнан аслам технологиялық компанияларды қоллап-қуўатлаған, 160 халықаралық шерикликти раўажландырыўға жәрдем берген, 20 мыңнан аслам мәсләҳәт хызметлерин көрсеткен ҳәм компанияларға дерлик 3,6 миллиард АҚШ доллары муғдарында инвестицияларды тартыўға жәрдем берген.

Меморандумға қол қойылыўы ҳәм “Liaison” ўәкилханасының ашылыўы Өзбекстан стартапларының Корея базарына кирип келиўи, Корея компанияларын Өзбекстанға тартыў, қоспа кәрханаларды иске түсириў ҳәм “PoC” бағдарламалары шеңберинде технологиялық шешимлерди сынақтан өткериў, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң инновациялық экосистемалары арасындағы байланысларды және де беккемлеў ушын әмелий тийкар жаратады.