Конференцияның ашылыўы шеңберинде Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Нарбаева Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң жас парламент ағзаларына мүрәжатын оқып еситтирди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Конференция даўамында қатнасыўшылар дүньядағы әҳмийетли қәўип-қәтерлер, инсан ҳуқықлары ҳәм қәдирин қорғаў, әдиллик принциплерин беккемлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде жаслардың орнын додалады.

Қарарлар қабыл етиўде жаслардың қатнасын кеңейтиў, олардың парламент жумысындағы ролин күшейтиў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.

Форум шеңберинде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиў бойынша III Глобал форум да өткериледи.

Бундай абырайлы халықаралық илаждың Самарқандта өткерилиўи Өзбекстанның жаслар дипломатиясын раўажландырыў, парламентлераралық қарым-қатнасты беккемлеў, жаслардың жәмийетлик-сиясий турмыстағы қатнасын кеңейтиўге қаратылған басламаларды алға қойыў бағдарындағы избе-из ҳәрекетлерин сәўлелендиреди.