Қарарға муўапық, 2027-жыл 1-январьдан улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде «Juniors Tennis Initiative» бағдарламасы енгизиледи. Онда, бағдарлама шеңберинде:

1-4-класс оқыўшылары ушын денетәрбия сабақларында тенниске қызығыўшылықты қәлиплестириў бойынша танысыў сабақлары шөлкемлестириледи;

оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм спорт инфраструктурасының бар екенлигин есапқа алған ҳалда, теннис раўажландырылатуғын улыўма орта билимлендириў мәкемелери таңлап алынады;

таңлап алынған улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде Өзбекстан теннис федерациясының қаржылары есабынан теннис бойынша спорт секциялары шөлкемлестириледи, олардың материаллық-техникалық базасы жақсыланады ҳәм спорт инвентарьлары, соның ишинде, «tennis wall» тренажёрлары менен тәмийинленеди;

сабақлар таңлап алынған улыўма орта билимлендириў шөлкеми жайласқан аймақтағы спорт мектебинен тартылған тренерлер тәрепинен өткериледи.

Қарар менен 2023-жыл 7-апрельдеги ПҚ-114-санлы қарарға 7-қосымшаның 9 ҳәм 10-санлы бәнтлеринде көрсетилген муғдарларға төмендеги өзгерислер киргизилди:

Азия ҳәм Паразия ойынларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери төмендеги муғдарларда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди:

алтын медаль ушын - 25 000 АҚШ доллары;

гүмис медаль ушын - 12 500 АҚШ доллары;

қола медалы ушын - 6 250 АҚШ доллары.

Азия ҳәм Параазия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларды таярлаған тренерлер төмендеги муғдарларда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди:

алтын медаль ушын - 10 000 АҚШ доллары;

гүмис медаль ушын - 5 000 АҚШ доллары;

қола медалы ушын - 2 500 АҚШ доллары.