05.02.2026-жылдағы ПҚ-47-санлы қарарға муўапық "Суў хожалығы
қадағалаўы" инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм
ўәлаятлардың аймақлық басқармалары структурасында суўды үнемлейтуғын
технологиялар ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў мониторинги бөлимлери шөлкемлестирилди.
2026-жыл 1-июльден баслап болса "Суў хожалығы қадағалаўы"
инспекциясы тәрепинен исбилерменлик субъектлеринде боди-камералардан
пайдаланған ҳалда тексериўлер өткерилмекте. Сондай-ақ, Инспекцияға жүкленген
ўазыйпаларды орынлаў ушын ушыўшысыз ушыў аппаратлары (дронлар) хызметлеринен
пайдаланыўға рухсат бериледи.
Дронлар
жәрдеминде өткерилетуғын мониторинг илажлары хожалық жүргизиўши субъектлердиң
жумысын тексериў есапланбайды ҳәм "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў"
мәлимлеме системасында дизимнен өткерилмейди.
Алып кириўге
рухсат етилген 20 ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланыў ҳәм оларды сақлаў
процесинде Инспекцияға Министрлер Кабинетиниң 15.11.2022-жылдағы
"Өзбекстан Республикасында ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланыўды
тәртипке салыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы 658-санлы
қарарында белгиленген жуўапкершилик жүкленеди.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.09.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».