Атап айтқанда:
- 21 643 социаллық тараў объектинде - 425 МВт;
- 33 мың 208 исбилерменлик субъектинде - 1 мың 155 МВт;
- 88 489 шаңарақта - 503 МВт;
- 2 мың 398 көп қабатлы турақ жайда - 31 МВт.
Мағлыўмат ушын, 2026-жылдың биринши шерегинде киши қуўатлылықтағы қуяш панеллери тәрепинен 411 млн кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылған болып, бул 2025-жылдың усы дәўирине (252 млн кВт/саат) салыстырғанда 159 млн кВт/саат ямаса 63 процентке көп.
Нәтийжеде:
- 125 млн куб метр тәбийғый газ үнемленген;
- 134 мың тонна зыянлы затлардың атмосфераға шығыўының алды алынды.
Бул көрсетилген электр энергиясы көлеми орташа үш айда 685 мың шаңарақтың тутыныўына туўра келеди.
Сондай-ақ, 2026-жылдың биринши шерегинде халық ҳәм исбилерменлер тәрепинен қуяш панельлери есабынан өз мүтәжлигинен артықша тармаққа узатылған электр энергиясы көлеми 163,7 миллион кВт.саатты қурап, 2025-жылдың усы дәўирине (46,2 миллион кВт.саат) салыстырғанда 3,5 есеге артқан.