Ушырасыўда «Yooshin Engineering Corporation» компаниясы менен
Өзбекстанда заманагөй аэропортлар инфраструктурасын раўажландырыў тараўында
узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў мәселеси додаланды.
Атап айтқанда, корпорацияның Инчхон халықаралық аэропортын
қурыўда топлаған көп жыллық тәжирийбеси ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелериниң
потенциалынан жаңа "Ташкент" халықаралық аэропортының жойбарын әмелге
асырыўда кеңнен пайдаланыў мәселелери көрип шығылды.