"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бул күнлери ҳаўа бираз
бултласып, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды, тек ғана бүгин
күндиз Ташкент ўәлаятында ҳәм ҳәптениң айырым күнлери республиканың таўлы
аймақларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы
мүмкин.
Арқада, шөл аймақларында ҳәм 14-август күни республика бойынша айырым
жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде
шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.
Ташкентте: бүгин күнниң екинши ярымында қаланың айырым жерлеринде азмаз
қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин.
11-14-август күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның
температурасы түнде 23-26гр жыллы, күндиз 37-40гр жыллы, 12-13-август күнлери
41гр жыллы.