Ҳаўаның температурасы көпшилик ўәлаятларда күндиз 33-38 дәреже, қублада 40-43 дәрежеге шекем, түнде 18-23 дәреже ыссы болады.

Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтиледи. Арқада 21-август күни самалдың тезлиги 22-25 м/с қа жетиўи мүмкин.

Ташкент қаласында ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды.

Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 35о әтирапында, кейин жумыс ҳәптесиниң ақырына шекем түнде 20-23о, күндиз 35-38о болады. Самалдың бағыты шығыстан 3-8м/с тезликте еседи, ўақты-ўақты менен 10-14м/с қа шекем күшейиўи мүмкин, қаланың айрым аймақларында шаң-тозаң менен жаўын болады.