"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 6-11-июнь күнлери республика бойынша ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болыўы күтилмейди, тек айырым таў алды ҳәм таўлы аймақларда қысқа мүддетли жаўын-шашын болыўы мүмкин.

Бүгин күндизги ўақытлары 34-37 дәрежеге шекем, кейинги күнлери 37-40 дәрежеге шекем ыссы болады. Арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында күндизги ўақытлары 39-42 дәреже ыссы болыўы күтиледи.

Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде самалдың тезлиги 15 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

Ташкентте: 6-11-июнь күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

Ҳаўаның температурасы бүгин ҳәм ертең 35-38°, кейин ала 38-40° қа шекем көтериледи.

Ҳаўаның температурасы түнде 22-25 дәреже ыссы болады.