Республика аймағының үлкен бөлегинде күндизги ҳаўа температурасы 28-33
дәреже, қублада 35 дәрежеге шекем, Ферғана ойпатлығында 23-28 дәреже әтирапында
сақланып турады. Температура тийкарынан түнде ҳәм ерте таңда 13-18 дәреже
болады.
6-сентябрь,
екшемби күни ҳаўа температурасы 2-3 дәрежеге көтерилиўи күтилмекте.
4-5-сентябрьде
арқада, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с
қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң бақланыўы мүмкин.
Ташкентте ҳаўа
бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди.
Ҳаўа
температурасы бүгин күндиз 30 градус әтирапында, шемби күни 30-32 градус,
екшемби күни 32-34 градус болады.