Бул ҳаққында Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги хабар бермекте.
Рухсатнаманы my.uzbmb.uz порталынан жеке идентификация номери (ФШШИН),
паспорт сериясы ҳәм номерин көрсеткен ҳалда жүклеп алыўыңыз мүмкин.
Тест сынақларында қатнасыў ушын абитуриентлер өзлери менен бирге паспорт
(ID карта) ҳәм абитуриент рухсатнамасының түп нусқасын алып тест сынақлары
өткерилетуғын пунктке алдыннан келиўи керек.
Паспорт нусқасы ямаса басқа ҳүжжетлердиң орнына түп нусқасын көрсеткен,
сондай-ақ, белгиленген ўақытқа кешигип қалған абитуриентлер тест сынақларына
киргизилмейди.