Бул көрсеткиш 2026-жылдың жазғы дәўиринде 13-июль күни дизимге алынған ең
жоқары көрсеткиштен 5,4 млн кВт саат ямаса 1,94% ке, 2026-жылдың 24-январь күни
дизимге алынған қысқы дәўирдеги ең жоқары көрсеткиштен болса 1 млн кВт саатқа жоқары.
Мағлыўмат ушын, 2026-жыл 14-июль күни суткалық электр энергиясын ислеп
шығарыў көлеми 287,3 млн кВт/с. Бул көрсеткиш электр энергиясын ислеп
шығарыўдың қысқы максимумынан (277,6 млн кВт/с) 9,7 млн кВт/с ямаса 3,49
процентке артқан.
Жоқары пайдаланыў
дәўиринде турақлы электр тәмийнатын тәмийинлеў мақсетинде энергетика
кәрханаларының авариялық-оңлаў бригадалары күшейтилген режимде жумыс алып
барып, электр тармақларындағы насазлықлар ҳәм авариялық жағдайларды жеделлик
пенен сапластырмақта.
Атап айтқанда,
күни кеше энергетиклер тәрепинен Ташкент қаласының Чиланзар, Шайхонтоҳур,
Яккасарай, Сергели ҳәм Алмазар районларындағы электр тармақларының айырым
участкаларындағы насазлықлар оперативлик пенен сапластырылды. Сондай-ақ, саат
15:18 де Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы, Косон, Кукдала, Қамаши, Ғузор, Китоб ҳәм Чироқчи
районларында күшли самал ақыбетинде айырым электр узатыў тармақларында үзилис
жүз берди. Саат 17:30 дан баслап оларды басқышпа-басқыш тиклеў басланды.
Буннан тысқары,
мәўсимге таярлық шеңберинде аймақларда энергетика инфраструктурасы объектлерин
модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары даўам еттирилмекте. Электр
станциялары, подстанциялар, трансформатор пунктлери, электр жеткерип бериў
тармақлары ҳәм үскенелер жаңаланып, қуўатлылығы арттырылмақта. Бул мәўсимлик
жүклемелер дәўиринде тутыныўшылардың электр тәмийнатының исенимлилигин
арттырыўға хызмет етеди.
Максимал
пайдаланыў саатларында айырым аймақларда электр тармақларында техникалық
насазлықлардың келип шығыўы менен байланыслы электр тәмийнатында ўақтынша
үзилислер болыўы мүмкин.
Усы мүнәсибет
пенен тутыныўшылардан электр энергиясынан ақылға уғрас ҳәм үнемлеп пайдаланыўды
сораймыз. Әсиресе, кондиционерлерден 24-26°С температурада пайдаланыўды ҳәм
олардың фильтрлерин турақлы тазалап барыўды усыныс етемиз. Бул үскенелердиң
нәтийжели ислеўин тәмийинлеў, электр энергиясының жумсалыўын азайтыў, электр
тармақларының қызып кетиўиниң алдын алыў, денсаўлық ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз
шараятлар жаратыў имканиятын береди.
Өз гезегинде, энергетиклер
турақлы электр тәмийнатын тәмийинлеў бойынша үзликсиз жумысларды даўам
еттиреди. Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды сақлаўыңызды, ыссы күнлерде
денсаўлығыңызға айрықша итибар бериўиңизди, электр энергиясынан ақылға уғрас
пайдаланыўыңызды сораймыз. Биргеликте исенимли ҳәм турақлы электр тәмийнатын
тәмийинлеўге үлес қосыўымыз мүмкин.