"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, ертең, 23-июнь күни тек ғана республиканың арқа-батыс районларында, 24-июнь күни болса Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятлары ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларының айырым аймақларында қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. 25-26-июнь күнлери республика бойынша жаўын-шашын болмайды.

Ҳаўаның температурасы республика аймағының үлкен бөлегинде пүткил жумыс ҳәптеси даўамында 33-38 дәреже, қублада 41-44 дәрежеге шекем болады.

Арқа-батыс районларда бүгин күндиз оғада ыссы, шөл аймақларында болса бүгин ҳәм ертең 41-44 дәрежеге шекем ыссы болады.

Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтиледи.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы күтиледи. Сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте: бүгин, 22-июнь күни күнниң екинши ярымында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Күндиз 34-36 дәреже ыссы болады.

23-июнь - жаўын-шашынсыз. Күндиз 36-38 дәреже ыссы болады.

24-июнь - қысқа ўақытлы жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 34-36°.

25-26-июньда жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 36-38°.

Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, ўақты-ўақты менен 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, қаланың айрым аймақларында шаң-тозаң болыўы мүмкин.