Ҳүжжет автомобиль жоллары тараўын буннан былай да раўажландырыўға
қаратылған болып, жоллардан пайдаланыў ҳәм оларды қурыў тараўындағы ҳуқықый
қатнасықларды белгилейди.
Өзбекстанда автомобиль жоллары үш категорияга бөлинеди:
улыўма пайдаланыўдағы жоллар;
ишки жоллар (қалаларда ҳәм басқа елатлы пунктлерде);
хожалық жоллары.
Улыўма пайдаланыўдағы барлық жоллар мәмлекет мүлки есапланады ҳәм
Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитетиниң қарамағында
болып, бул комитет жол тараўындағы ўәкилликли уйым есапланады.
Нызам менен улыўма пайдаланыўдағы жоллар бойындағы ажыратыў полосасының
минимал өлшемлери белгиленген. Олар I категория (автомагистраль)
лар ушын 80 м, II категория ушын
60 м, III ҳәм IV категория ушын 40 м, В
категория ушын 25 м.
Автомобиль
жолларын сақлаў ҳәм оңлаў олардың ийелери тәрепинен, соның ишинде,
қәнигелестирилген жол шөлкемлерин тартқан ҳалда әмелге асырылады. Сондай-ақ,
үлкен көлемли ҳәм аўыр жүк тасыўшы транспортлардың жолларда ҳәрекетлениўи ушын
арнаўлы рухсатнамаларды мәжбүрий алыў енгизилмекте.
Нызам менен
қурылысы, реконструкцияланыўы ҳәм пайдаланыўы ҳаққындағы қарарлар Президент,
сондай-ақ, Министрлер Кабинети тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл
етилетуғын төлемли автомобиль жоллары түсиниги киргизилмекте.
Төлемли трассаны
шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етиў ушын тийисли жағдайдағы жоллар бойынша
бийпул альтернатив жөнелистиң бар болыўы шәрт.
Төлемли трасса
операторы жоқары тезлик режимин тәмийинлеўи ҳәм жол бойы хызметлерин
шөлкемлестириўи керек болады. Төлемли жоллардан пайдаланыўшылар оператор менен
төмендегилер арқалы ғалабалық оферта шәртнамасын дүзиўи мүмкин:
трассаға кириў
(транспондер арқалы төлеў);
төлемди төлеў
пунктинде төлемди әмелге асырыў;
жол талонын сатып
алыў.
Төлемли
автомобиль жолында жол ҳақысын енгизиў айдаўшыларға жоқары тезлик режиминде
ҳәрекетлениў имканияты, маршрут бойлап жоқары дәрежедеги сервис хызметлери ҳәм
заманагөй инфраструктурадан пайдаланыў имканияты жаратылған жағдайда әмелге
асырылады.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 06.08.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».