Көкирек белгиси менен мәмлекетимизде интеллектуаллық
мүлк тараўын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик
емес шөлкемлердиң хызметкерлери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ,
исбилерменлик субъектлери сыйлықланады.
Көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққындағы усынысларды
көрип шығыў бойынша Комиссия дүзиледи.
Талабанларды көкирек белгиси менен сыйлықлаўда
Комиссия тәрепинен төмендегилер есапқа алынады:
интеллектуаллық мүлк тараўын раўажландырыў бойынша
мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп
шығыўда қатнасыў;
интеллектуаллық мүлк объектлерин жаратыўды
қоллап-қуўатлаў бойынша жумыс;
интеллектуаллық мүлк объектлериниң ҳуқықый қорғалыўын
тәмийинлеўде белсене қатнасыў;
жәмийетте интеллектуаллық жумыс нәтийжелерине ҳүрмет
сезимин қәлиплестириўге үлес қосыў;
интеллектуаллық мүлк тараўында халықаралық бирге
ислесиўди раўажландырыўда, соның ишинде, интеллектуаллық мүлк тараўында әмелге
асырылып атырған реформалар ҳаққында халықаралық жәмийетшиликти хабардар етиўде
қатнасыў.
Көкирек белгиси ҳәр жылы 26-апрель - Халықаралық
интеллектуаллық мүлк күни алдында салтанатлы жағдайда тапсырылады.
Көкирек белгиси менен сыйлықланған шахсларға БЕМның 4
есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық төленеди.