Жаңа тәртипке бола, пуқаралар пул жибериўде оны алыўшының банк есап бети
ямаса банк картасы реквизитлерин киргизиўи шәрт болмайды. Пул өткериў ушын оны
алыўшының мобиль телефоны оның банктеги есап бетине байланысқан болыўы керек.
Пул өткермелери Орайлық банктиң Тез төлемлер системасы арқалы әмелге
асырылады. Онда пайдаланыўшының мобиль банк қосымшасында дизимнен өткерилген
телефон номери тийисли банк есап бетине байланыстырылады. Бир банк шеңберинде
бир мобиль телефон номери тек ғана бир банк есап бетине байланыстырылыўы
мүмкин.
Байланыстырыў
процеси жуўмақланғаннан соң арнаўлы "байланыстырыў коды"
қәлиплестириледи ҳәм пайдаланыўшыға мобиль банк қосымшасында көрсетиледи.
Пуқара қәлеген ўақытта мобиль қосымша арқалы ямаса тиккелей банкке мүрәжат
етип, телефон номерин есап бетине байланыстырыўды бийкар етиўи мүмкин.
Егер пайдаланыўшы
мобиль банк қосымшасында жаңа телефон номерин дизимнен өткерсе, алдынғы телефон
номери автоматикалық түрде алмастырылады.
Пул жибериўши мобиль
банк қосымшасының сәйкес майданына пул алыўшының телефон номерин ямаса
"байланыстырыў коды"н киргизеди. Буннан кейин Тез төлемлер системасы
алыўшының есап бети ҳаққындағы мағлыўматты анықлайды.
Өткериўди
тастыйықлаўдан алдын пайдаланыўшыға алыўшы, оның банки ҳаққындағы мағлыўматлар,
сондай-ақ, комиссия ҳақы ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетиледи. Буннан кейин
төлеўши өткериў әмелге асырылатуғын банкти таңлайды ҳәм операцияны
тастыйықлайды.
Өткериў табыслы
әмелге асырылғаннан соң, төлеўшиге операцияны тастыйықлаўшы квитанция бериледи.
Онда өткерилген сәне ҳәм ўақыт, төлем системасындағы номери, банклердиң
атамалары, төлеўши ҳәм алыўшының мағлыўматлары, өткерилген суммасы ҳәм
комиссиялық ҳақы көрсетиледи.
Орайлық банк
телефон номери тийкарында пул өткермелерин әмелге асырыўда мәлимлеме
қәўипсизлиги, киберқәўипсизлик ҳәм алдаўшылықтың алдын алыў бойынша әмелдеги
талапларға әмел етиў мәжбүрий екенлигине итибар қаратады.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 26.11.2026-жылдан күшке киреди,
деп жазады «Norma».