"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 27-июнь күни Ташкент ўәлаятының айрым аймақларында ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин.

28-июнь күни республиканың арқа-батыс районларында ҳаўа-райы өзгерип турады. Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятының айырым жерлеринде жаўын жаўады, айырым жерлерде күшли болады. Республиканың қалған аймақларында жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, арқада ҳәм шөл аймақларында 20-22 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

Ҳаўаның температурасы көпшилик ўәлаятларда бүгин ҳәм дем алыс күнлери 35-40 дәреже, екшемби күни айырым жерлерде 42 дәрежеге шекем, қублада 43-44 дәрежеге шекем көтериледи. Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятында күндизги ўақытлары 32-37 дәреже, екшемби күни арқада 23-28 дәрежеге шекем төменлейди.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы күтиледи. Сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды. Температура - 37-39°.

Шемби күни қысқа ўақытлы жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы күндиз 38-40 градус жыллы.

Екшемби күни жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы күндиз 39-41°.

Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, ўақты-ўақты менен 10-12 м/с қа шекем күшееди, қаланың айрым аймақларында шаң-тозаң болыўы мүмкин.