"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 4-июль күни тек ғана ўәлаят ҳәм Ферғана ойпатында, сондай-ақ, түнде ҳәм азанда Ташкент, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болады. Ҳаўа температурасы сезилерли дәрежеде өзгермейди.

5-июль, екшемби күни Өзбекстан аймағында жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы жоқарылап, күндизги ўақытлары 34-37 дәрежеге шекем, қублада 39 дәрежеге шекем жылыйды.

Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12 м/с, 3-июльде арқада ҳәм шөл аймақларында самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда 3-4-июль күнлери ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын-шашын, айырым жерлерде күшли болады. Сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, кеште қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 31-33°.

4-июль күни түнде ҳәм азанда қысқа ўақытлы жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин, күндиз жаўын-шашын болмайды. Күндиз 31-33 дәреже ыссы болады.

5-июль - жаўын-шашынсыз. Күндизги температура 34-36 дәрежеге шекем көтериледи.

Ҳаўаның температурасы түнде 18-23 дәреже ыссы болады.

Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 10 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.