Тийкаргы мақсетлер:
мәденият ҳәм көркем өнер тараўында басқарыў
нәтийжелилигин арттырыў ҳәм шөлкемлестириўшилик структураларды оптималластырыў;
нәтийжеге бағдарланған қаржыландырыў системасын
енгизиў, жеке меншик секторды тартыў арқалы тараўда мәмлекетлик-жеке меншик
шерикликти кеңейтиў ҳәм хызметлердиң сапасын арттырыў;
медиа мәканда миллий контентти көбейтиў ҳәм жасалма
интеллект платформаларында өзбек миллий мәденияты бойынша мағлыўматлар базасын
жаратыў.
Материаллық емес мәдений мийрасты, көркем өнер ҳәм
өнерментшиликти үгит-нәсиятлаў бойынша мәденият орайларының жумысын
шөлкемлестириў, сондай-ақ, оларды район (қала) ҳәкимликлери системасына өткериў
режелестирилмекте.
Ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде
нәтийжесиз мәденият орайлары оптималластырылады.
2026-жыл 1-июльден баслап ҳәр бир мәденият бөлими
басшысы ушын нәтийжелиликтиң жыллық тийкарғы көрсеткишлери (KPI) системасы белгиленип, олардың нәтийжелери тийкарында
лаўазымға ылайықлығын хошаметлеў ямаса қайта көрип шығыў жолға қойылады.
Мәденият бөлимлери ҳәр жылдың жуўмағы бойынша Мәденият
министрлиги тәрепинен жүргизилетуғын рейтинг нәтийжелери тийкарында
хошаметленеди. Онда халықты мәдений илажлар менен қамтып алыў, миллий
қәдириятларды қәстерлеп сақлаўға байланыслы көрсеткишлерге тийкарғы әҳмийет
берилмекте.
2026/2027-оқыў жылынан баслап Жоқары билимлендириў,
илим ҳәм инновациялар министрлиги системасындағы Республикалық музыка ҳәм
көркем өнер техникумы, Кәрим Зарипов атындағы Республикалық эстрада-цирк
техникумы, Мәденият министрлиги системасындағы қәнигелестирилген көркем өнер
ҳәм мәденият мектеплериниң жумысы жетилистириледи.
2030-жыл 1-январьға шекем тәжирийбе тәризинде Мәденият
министрлиги қарамағындағы улыўма баҳасы 1 миллион доллардан аспаған мәденият объектлерин
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик шериклерге бериўдиң
әпиўайыластырылған тәртиби енгизиледи.
Буннан тысқары, тәжирийбе сыпатында Қарақалпақстан
Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында "Мәденият мийманханасы"
мәденият кластериниң биреўден инвестициялық жойбарын әмелге асырыў
режелестирилген.
2026-жыл 1-августтан мәмлекетлик емес ҳәм жеке меншик
сектордың қатнасын күшейтиў бойынша төмендеги бағдарлар бойынша грант ажыратыў
системасы енгизиледи:
театр, цирк, музыка, аяқ ойын, материаллық емес
мәдений мийрас, кино ҳәм анимация, сондай-ақ, мәденият тараўындағы
билимлендириў;
мәденият тараўында әдебий шығармалар жаратыў,
инклюзивлик ҳәм социаллық бағдарлар;
стартап ҳәм дөретиўшилик жойбарларды қоллап-қуўатлаў;
инновация, жасалма интеллект ҳәм санластырыўға.
Тастыйықланған:
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўында басқарыў системасын
жетилистириў ҳәм жеке меншик сектордың қатнасын хошаметлеў бойынша "жол
картасы";
2027-2029-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық
ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде
реконструкциялаў, ири оңлаў ҳәм қосымша имаратлар қурыў режелестирилген
қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектеплериниң дизими;
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында
жәрияланған ҳәм 23.04.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».