Оған муўапық, аңшылық билетин алыў ушын талабанларды оқыў курсларында
оқытыў тәртиби ҳаққында реже ислеп шығылды. Оған муўапық:
Талапкерлер Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети жанындағы "Экоаймақлар
ҳәм аңшылықты раўажландырыў департаменти" мәмлекетлик мәкемеси ямаса
билимлендириў мәкемелери менен дүзилген шәртнамаға муўапық 10 саат даўамында
оқытылады;
оқыў курслары тиккелей аудиторияларда ямаса аралықтан оқытыў түринде
шөлкемлестириледи;
талапкерлер арзаларды бир жыл даўамында электрон ямаса жазба түрде бериўи
мүмкин;
оқыў курсларында
оқыў процеси көби менен 20-30 тыңлаўшыдан ибарат болған академиялық топарларда
шөлкемлестириледи;
оқыў курслары 80
минут даўам ететуғын лекциялар ҳәм семинарлар тәризинде өткериледи;
оқыў курслары
бойынша имтиханларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын комиссия дүзиледи;
оқыў курсларының
жуўмағы бойынша тыңлаўшылар тест сынағын тапсырады, 100 баллық система
тийкарында баҳаланады, кеминде 70 процент балл топлаған тыңлаўшыларға
сертификат бериледи.
Бул ҳүжжет
2026-жыл 3-августтан күшке киреди.