Самалдың тезлиги 9-14 м/с, айырым жерлерде 15-18 м/с қа шекем күшейиўи,
арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында 20-22 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде
шаң-тозаң менен қапланыўы мүмкин.
"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 20-июль, дүйшемби күни
республика аймағының көпшилик бөлегинде экстремал ыссы ҳаўа-райы сақланып
турады. Тек арқа-батыс аймақларда ғана температураның әсте-ақырын төменлеўи
басланады.
21-июльден баслап ыссылық пүткил мәмлекет бойлап кемейе баслайды. Ҳаўаның
температурасы 6-9 дәрежеге төменлеўи күтилмекте.
Ташкент қаласында ҳаўа алағат бултласып турады. Бүгин күндиз 41-43
дәреже, шемби ҳәм екшемби күнлери 43-45 дәреже ыссы болады. Түнде ҳаўаның
температурасы 25-28 дәрежеге шекем жылыйды.