Усыл модификацияланған вирус жәрдеминде организмге генетикалық мәлимлемени жеткериўди нәзерде тутады, бул болса клеткаларға "жас" жағдайдың бир бөлегин қайтарыў ҳәм тоқымалардың регенерациясын жеделлестириў имканиятын береди, деп жазады RuNews24.

Буннан алдын ҳайўанларда (тышқан ҳәм маймылларда) өткерилген тәжирийбелер жараланған тоқыма ҳәм нерв талшықларының тиклениўи сыяқлы перспективалы нәтийжелерди көрсеткен еди.

Изертлеўшилердиң пикиринше, сынаўлардың биринши басқышы глаукомалы наўқасларда өткерилиўи мүмкин. Қәўипти азайтыў ушын дәриниң орынларда, мәселен, көз аймағына қадағалаў астында активлестирилип жиберилиўи режелестирилген.

Илимпазлардың атап өтиўинше, технология дәслепки басқышта. Тийкарғы қорқыўлар мүмкин болған кери тәсирлер, сондай-ақ, клеткалардың қадағалаўшысыз бөлиниўи қәўпи менен байланыслы.

Соған қарамастан, бағдар үлкен инвестицияларды өзине тартқан болып, оны жасы үлкен кеселликлерди емлеў ҳәм тоқымаларды тиклеўде қолланыў имканияты көрип шығылмақта.