"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бүгин күндиз республикамыз бойынша 34-37 дәреже ыссы, 8-9-август күнлери 37-40 дәрежеге шекем, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 41-42 дәрежеге шекем көтериледи.

Бул күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Тек ғана таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын-шашын болыўы мүмкин.

Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин.

Республикамыздың арқа ҳәм шөл аймақларында 8-9-август күнлери самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.

Ташкентте: жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 36 градус әтирапында, дем алыс күнлери 37-39 градусқа шекем көтериледи. Ҳаўаның температурасы түнде 21-24 градус әтирапында болады.