Ушырасыў алдынан Нарендра Моди мәмлекетимиз басшысын Ғәрезсизлик күни менен қутлықлап, Өзбекстан халқына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан менен Ҳиндстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылдың жуўмақларына бола, товар алмасыў биринши мәрте 1 миллиард доллардан артты. Кейинги жыллары қоспа кәрханалардың саны 7 есеге көбейди. Еки мәмлекет арасында ҳәптесине 14 туўрыдан-туўры авиақатнаў әмелге асырылады.

Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў кеңеймекте. Өзбекстанда Ҳиндстанның төрт университети жумыс алып бармақта.

Мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Лал Баҳадур Шастри атындағы Ҳиндстан мәденияты орайы ҳәм Маҳатма Ганди атындағы Индология орайы әҳмийетли роль атқармақта.

Өзбекстанда йога спорт түри ғалаба ен жайып атырғаны, бул бағдардағы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан менен Ҳиндстан арасындағы қатнасықларды кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығатуғын бул сапар етиўдиң тарийхый әҳмийети атап өтилди.

Бул Өзбекстан - Ҳиндстан қатнасықларында жаңа басқышты баслап, барлық тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ушын беккем тийкар жарататуғыны атап өтилди.

Тәреплер барлық дәрежелерде, соның ишинде, парламентлердеги дослық топарлары, Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси шеңберинде сиясий байланыслар ҳәм алмасыўларды жеделлестириўге келисип алды.

Өз-ара бирге ислесиўди нәтийжели муўапықластырыўды тәмийинлеў ушын сыртқы сиясий уйымлардың басшылары дәрежесинде муўапықластырыўшы механизм жаратыў нәзерде тутылған.

Сөйлесиўлерде саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Тәреплер өз-ара саўда көлемин бир неше есеге арттырыў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтип, товар алмасыў көлемин 2030-жылға барып 5 миллиард долларға жеткериў бойынша зәрүр илажлар көриўге келисип алды.

Санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Энергетика, электротехника, металлургия, әҳмийетли минераллар, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, аўыл хожалығы, зергерлик санаатында Ҳиндстанның жетекши компаниялары менен бирге ислесиў перспективалары атап өтилди.

Аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Әндижан ўәлаяты менен Гужарат штаты, Ферғана ўәлаяты менен Харьяна штаты, Самарқанд ўәлаяты менен Агра қаласы арасында жақын шериклик байланыслары орнатылғаны атап өтилди.

Тәреплер мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелерин де көрип шықты. Мәденият күнлери, концертлер, көргизбелер, форумлар ҳәм кинофестивальларды турақлы өткерип барыўға келисип алынды. Сапар етиў шеңберинде бес жыллық Мәдений алмасыў бағдарламасына қол қойылыўы нәзерде тутылған.

Сөйлесиў ўақтында халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Жетекшилер халықаралық структуралар шеңбериндеги нәтийжели бирге ислесиўди қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Тәреплер БМШ, ШБШ, БРИКС ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелиятын даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды жедел алға қойыўды тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Ҳәр бир тийкарғы бағдар бойынша анық механизмлер, жуўапкер орынлаўшылар ҳәм орынлаў мүддетлери көрсетилген тийисли "жол карталары" қабыл етиледи.