Бул ҳаққында Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайында өткерилген брифингте Автомобиль жоллары комитети Мәлимлеме хызметиниң басшысы Нилуфар Жумаева мәлим етти.
Атап өтилиўинше, жойбарлардың 13 и халықаралық финанс институтларының қатнасыўында, екеўи болса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылмақта.
Режелестирилген қаржыны өзлестириў ҳәм жол қурыў көрсеткишлери 2025-жылға салыстырғанда 1,5 есеге, 2024-жылға салыстырғанда болса 1,8 есеге көп.
Усы жылдың январь-сентябрь айларында 9 жойбар шеңберинде 110 километр автомобиль жолы реконструкцияланды. Усы дәўирде 214,3 миллион долларлық жумыслар орынланып, белгиленген реже 101 процентке орынланды.
2026-жылдың январь-сентябрь айларында өзлестирилген қаржылар есабынан бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында Сурхандәрья ўәлаяты аймағынан өтетуғын 4Р 105 ҳәм 4Р 100 автомобиль жолларының 111 километрин реконструкциялаў, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы аймағынан өтетуғын А380 автомобиль жолының 25 километрин реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.
Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК қорының қатнасыўында Қашқадәрья ўәлаятынан өтетуғын М39 автомобиль жолының 60 километрин реконструкциялаў жойбары әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң қатнасыўында Бухара ўәлаяты аймағынан өтетуғын А380 — "Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў" автомобиль жолының 78 километрин реконструкциялаў нәзерде тутылған.
Жылдың январь-сентябрь айларында жол инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған басқа да жойбарлар бойынша жумыслар алып барылды.
Олардың қатарында Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында цемент-бетон қапламалы ишки жолларды қурыў, А380 автомобиль жолының Қарақалпақстан Республикасы аймағынан өтетуғын 92 километрин реконструкциялаў, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң қатнасыўында Хорезм ўәлаятындағы D213 автомобиль жолының 84 километрин реконструкциялаў жойбарлары бар.
Буннан тысқары, Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң қатнасыўында Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли әҳмийетке ийе улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларын оңлаў, Ислам раўажланыў банкиниң қатнасыўында болса А373 — "Гүлистан-Бўка-Ангрен-Қоқанд-Әндижан" автомобиль жолына байланыслы жойбар бойынша жумыслар алып барылмақта.
Бул жойбарлардың бир бөлеги бойынша тендер саўдалары жәрияланған, төрт жойбар шеңберинде болса қурылыс жумыслары басланған.
Автомобиль жоллары инфраструктурасын раўажландырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў ҳәм тараўға сырт ел инвестицияларын тартыў мақсетинде 50 ден аслам сырт елли шериклер менен ушырасыўлар өткерилди.
Ҳәзирги ўақытта халықаралық финанс институтлары, сондай-ақ, Түркия, Германия, Япония ҳәм Қытайдың ири компаниялары менен бирге ислесиў байланыслары раўажланбақта.
Бирге ислесиў шеңберинде тараў қәнигелериниң маманлығын арттырыў, сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў, халықаралық тәжирийбе алмасыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.