Илон Маск 800 миллиард доллардан жоқары байлыққа ийе болған биринши адам болды
Америкалы бизнесмен Илон Маск тарийхта байлығы 800 миллиард доллардан асқан биринши адам болды, деп жазады Forbes журналы.
Америкалы бизнесмен Илон Маск тарийхта байлығы 800 миллиард доллардан асқан биринши адам болды, деп жазады Forbes журналы.
Грецияның Хиос атаўында жағалаў қорғаўшыларының катери менен мигрантлар жүрген қайық соқлығысыўы ақыбетинде 14 адам қайтыс болды.
Жақын күнлерде Иран ҳәм АҚШ ўәкиллериниң ушырасыўы режелестирилмекте, сөйлесиўлер өткериў ушын мәмлекетти таңлаў мәселеси додаланбақта, деп мәлим етти Иран Сыртқы ислер министрлиги...
4-февраль күни Қуяшта қуўатлылықтың ақырғыдан алдыңғы класындағы (М) сегиз жарылыў бақланды. Бул ҳаққында Әмелий геофизика институты ("ИПГ" ФДБУ) ТАССқа мәлим етти.
Бүгин БАӘ пайтахтында Шайх Зоидтың "Инсан дослығы" халықаралық сыйлығын тапсырыў мәресими шеңберинде жоқары дәрежедеги глобал форумның ашылыў мәресими болып өтти.
Японияда күшли қар жаўыўы ақыбетинде 35 адам қайтыс болды. Бул ҳаққында жергиликли ҳәкимият мағлыўматларына сүйенип, TBS телеканалы хабар берди.
Бүгин, 3-февраль күни саат 15:38 де Өзбекстан аймағында жер силкиниўи жүз берди. Эпидорай Жиззақ ўәлаятының Бахмал районында жайласқан.
АҚШ әҳмиетли пайдалы қазылмалардың стратегиялық резервин жаратады, деди Президент Доналд Трамп.
ҚХРдың шығысындағы Цзянсу провинциясында көпир қулаўы ақыбетинде кеминде еки адам қайтыс болған ҳәм үш адам бийдәрек жоғалған.
Бельгияда Токио университети илимпазлары тәрепинен ислеп шығылған Нипах вирусына қарсы вакцинаның дәслепки клиникалық сынақлары басланады.
ҚХР Баслығы Си Цзиьнпин юанды жәҳән резерв валютасы статусын алыўға шақырмақта. Бул ҳаққында Financial Times (FT) хабар бермекте.
АҚШ президенти Дональд Трамп "Альфальфа" клубының жыллық кешесинде Венесуэла Американың 53-штатына айланыўы мүмкинлигин айтты.