Енди Өзбекстан пуқаралары
Таиландқа барыў ушын алдыннан Таиланд Патшалығының рәсмий электрон виза порталы
арқалы анкета толтырып, кириў визасын рәсмийлестириўи керек.
Электрон виза анкетасы
толтырылғаннан соң виза ушын төлем Таиланд Патшалығының Россия Федерациясы,
Москва қаласында жайласқан елшиханасына жеке өзи барған ҳалда әмелге асырылады,
деп хабар берди Өзбекстан Республикасының Бангкок қаласындағы Бас консулханасы.
Өзбекстан Сыртқы ислер
министрлигиниң баспасөз хаткери Омонулла Файзиевтиң “Gazeta”ға мәлим етиўинше,
ҳәзирги ўақытта Өзбекстан пуқаралары ушын қолайлырақ тәртип жаратыў мақсетинде
Таиланд тәрепи менен сөйлесиўлер алып барылмақта.
"Биз Тайланд
тәрепи менен бул тәртипти өзгертиў бойынша сөйлесиўлер алып бармақтамыз",
- деди ол.