Кейинги жылларда кириў туризминиң унамлы пәти сақланып қалмақта.
2023-жылы мәмлекетимизге 6,6 миллион сырт ел туристи келген болса, 2024-жылы 10
миллионнан аслам, 2025-жылдың жуўмағында бул көрсеткиш 11,7 миллион адамға
жетти.
Туристлер ағымының артыўы халықаралық авиақатнаўлардың кеңейиўи менен
бирге алып барылмақта. 2026-жылдың январь-июнь айларында Өзбекстан аэропортлары
8,15 млн жолаўшыға хызмет көрсеткен, бул болса 2025-жылдың усы дәўирине
салыстырғанда 16 процентке көп.
Усы дәўирде 64 мың 831 рейске хызмет көрсетилди, бул өткен жылғы
көрсеткиштен 8 процентке көп. Соннан 47 мың 371 рейс халықаралық жөнелислерге
туўра келип, өсиў 12 процентти қураған.
Халықаралық
рейслерден 6,7 миллион жолаўшы пайдаланған, бул бир жыл алдынғыға салыстырғанда
15,4 процентке көп. Аэропортлар тәрепинен қайта исленген жүк ҳәм почта муғдары
да 33 процентке артып, 51,5 мың тоннаға жетти.
Авиақатнаўлар
географиясы кеңеймекте
2026-жылы
Ташкентке жаңа халықаралық жөнелислер ашылды. Атап айтқанда, Шанхайдан “China
Eastern”, Сеулден “Asiana Airlines”, Ереваннан “Shirak Avia” авиарейслери жолға
қойылды.
Аймақлық аэропортларда
да унамлы өсиў бақланбақта. Жолаўшылар ағымы Термизде 52 процентке, Үргениште
24 процентке, Нөкисте 23 процентке өскен.
Халықаралық
жөнелислер тармағын кеңейтиўдиң соңғы мысалларынан бири “Etihad Airways”
авиакомпаниясының Абу-Даби ҳәм Ташкент арасындағы тиккелей қатнаўының жолға
қойылыўы болды. Биринши рейс 2026-жыл 10-августта әмелге асырылды. Ташкентте авиакомпания
Өзбекстанда жумыс баслағаны мүнәсибети менен рәсмий қабыллаў болып өтти.
Туризм
инфраструктурасы раўажланбақта
Туристлер
ағымының көбейиўи жайластырыў инфраструктурасының раўажланыўы менен бирге алып
барылады. 2026-жылдың январь-июль айларында мәмлекетимизде улыўма сыйымлылығы
22 296 орынға ийе болған 705 жаңа жайластырыў объекти шөлкемлестирилди.
Нәтийжеде
орналастырыў қуралларының улыўма саны 7 440 ға, олардағы орынлар саны 202,6
мыңға жетти.
Туристлер
ағымының өсиўи тараў дәраматларында да өз көринисин таппақта. 2026-жылдың жети
айында туризм хызметлери экспортының көлеми 3 895,7 миллион долларды қурап,
өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 56 процентке өскен.
Тараўдың тийкарғы
көрсеткишлери
Сырт елли
туристлер - 22,6%;
туризм хызметлери
экспорты - 56 процентке өсиў;
аэропортларда
жолаўшылар ағымы - 16 процентке;
жаңа жайластырыў объектлери
- 22 296 орынға ийе 705 объект.
Халықаралық
маршрутлар тармағының кеңейиўи, туризм инфраструктурасының раўажланыўы ҳәм
инвестициялардың тартылыўы кириў туризминиң және де артыўы ушын қосымша
шараятлар жаратпақта.
Елимиздиң
транспорттан қолайлылығын арттырыў, жаңа туризм өнимлерин ислеп шығыў,
хызметлер сапасын жақсылаў ҳәм аймақларда инвестициялық жойбарларды әмелге
асырыў тараўдың тийкарғы бағдарлары қатарына киреди.
Тийкарғы
көрсеткишлердиң улыўмалық динамикасы Өзбекстан экономикасында туризмниң орны
артып атырғанын ҳәм тараўды буннан былай да раўажландырыў ушын үлкен потенциал
бар екенлигин көрсетеди.